Telegram Web
Бахытлы Сарыбаевқа

Бахытлы деп қойған жақсы атыңды,
Сүйип оқып жүрмиз қосық, хатыңды,
Жас қосылсын жасыңызға тилегим,
Шап, тоқтама поэзия атыңды.

Муғаллимсең ана тилин меңгерген,
Қосық жазып кеўиллерге дем берген,
Туўылған күн болсын қутлы-мүбәрек!
Жүз жас болғай, ең кеминде сен көрген!

Бир Алладан келгей бәрҳә жақсылық,
Жолларыңа нур төгилип жақтылық,
Өзиң сүйген әдебият бостанын,
Қосық пенен гүлленте бер бағ қылып!

Ең жақсы тилеклерди тилеймен деп Жаңабай Анетеев
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
Бириншиден, консультация берген муғаллим реклама характерине кирип қалады. Консультацияға келген абитуриентлер, барлық жанашырлар сол муғаллим менен қызығып қалады да, кеште үйине барып муғаллимниң сын-сымбатын, аты-жөнин дәстан етип айтып берип отырады. Әне, оннан кейин ертеңине Гөне Ургеничке зияратлағандай адамлар үйиңе ағып келе береди, келе береди. Әлбетте, олардың ишинде гейпара таныс емес адамлар да ушырайды. Кел деў бар, кет деў жоқ. Азаннан баслап кешке шекем қонақ күтип отырғаның. Гәп қонақтың келиўинде емес. Бәлким, оның өтинишлериниң орынланбай қалыўында. Соның ушын да ҳеш ким бундай иске реклама болып қалыўын қәлемейди. Усындай себеплер менен консультация өткизиўге ҳеш қандай табым болмай отыр. Декан айтқаннан кейин көнбеўге илаж жоқ. Бир майдан егленип турдым да, ақыры консультация болатуғын он үшинши аудиторияға кирип бардым. Ҳәррениң уясындай ғаўлап турған аудитория мен кирип барғаннан бирден тынып қалды. Консультация тийкарынан үш бөлимнен ибарат. Бириншиси: шығарма жазыўдың қағыйдалары. Екиншиси: революцияға шекемги әдебият, үшиншиси: қарақалпақ совет әдебияты. Үш саат даўам еткен консультациядан үйге зордан шаршап қайттым.
Үйге келип, жаңа ғана чай ишейин деп атырған едим, чемоданларын тасырлатып, қасында еки ғарры менен үш баласы бар дайым кирип келди. Төрги жайға төсек салып, жалбырақлап атырмыз.
- Мынаў - жаман жийеним, - деди дайым, бәшбентин шешип атырып. - "Өзи наук болады, датсентлиги де бар", - деп қосып қойды. Жанындағы қурашлы киси дастурханға жақынласып отырып, пәтия оқыды. Соңында: "Илайым, балаларымыз жығылмай, сүринбей өтсин" деп қосып қойды.
"Бизиң дайымның усындай паңқылдақлығы бар-дә" деймен өзиме өзим. "Еки жылдан бери өзиниң бир баласын өткизе алмай жүрип, буншама адамларды ертип жүргенин қәйтерсең".
Шай ишилип атыр. Холодильниктеги гөшти қазанға салып атырғанын көзи шалып кеткен дайым асханаға келип даў салды.
- Мынаў улама адам, - деди басына сәлле ораған кисини көрсетип. - Сениң токқа сойған гөшиңди жемейди.
- Бүгинше таўық сойсақ қалай болар екен дайы, - дедим. - Күн де кеш болып қалды. Нөкисте сойыслыққа мал табыў қыйын ғой.
- Әкеңе усағансаң, - деди ашыўға буўлығып дайым. - Сықмарсаң. Қасымдағы киси ҳәзиреттиң туқымларынан. Аўылда елеге шекем ол кисиге ешки сойып көргенимиз жоқ. Сениң бизге наук болғаның не? Қасымдағы ерип келген кисиге бир қой таба алмасаң?!
Гәпти көп созып отырмастан, қаланың сыртына мал излеп кеттим. Бизиң үйлерден шығыста жети километрдей жерде шарўаның үйлери бар еди. Нәзерим сол. Кимниң есигиниң алдында қора көринсе, сорап киятырман. Мал сататуғын адам табылмай атыр. Әллен ўақытта жумысымның жағдайын түсингендей бир муртлаш кисиге жолықтым.
- Аға, сойыслыққа қой излеп киятырман, - дедим оннан жасырмай.
- Егер қымбатына қыйналмасаң, Тәкеңниң үйинен табылып қалар, - деди ол маған жақын жердеги қара үйди нусқап. - Мал менен сол киси саўда қылады.
Тәкең деген орта бойлыдан келген, бир семиз киси екен. Қой қораға ергенек жасап атырған жеринде гезлестим.
- Аўа, бала, шарўаңды айт, - деди де ол, өз жумысы менен бола берди. Мен жумысымның жағдайын түсиндирген едим:
- Қой жоқ. Тоқлы табылып қалар, - деди ол кескин түрде. - Бирақ жүз сомнан кейин болмас.
- Болады, - дедим мен, еле оның сататуғын тоқлысының түрин көрмей-ақ, дәреги табылғанына қуўанып.
Ол өз жумысын қойып маған көз әйнегиниң астынан бир қарап қойды. Шамасы "саўданың мәнисин түсинбейтуғын бир бала болды-аў" деп ойлады. Соңынан қой қорасына кирип кетти де жүни сабалақ-сабалақ болып үрпейип кеткен, қояндай ғана ҳәли бар, бир пәжмүрде қозыны сүйреп келди. Оның арық-семизине қарап отыраман ба? Әйтеўир аты мал болса болар, дайымның табасына қалмасам болғаны. Соның ушын да, мал алатуғын адамлардай оның ол жер, бул жерин түртип көргеним жоқ. Қалтамнан ақша алып санай басладым.
Соның арасынша Тәкен ағайды үйден жеңгей шақырып қалды. Келискен саўдамызды енди жеңгей бузатуғын болды. Жаным қалмай тур. Тәкен ағай үйден кеўилленип шықты.
- Ой, өзимиздиң инишек екенсең ғой. Үйге жүр, суўсын иш.
(Даўамы бар)
Канал: www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
03. 09
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
- Рахмет, аға. Үйде қонақларым күтип отыр.
- Онда тоқлыны жетекле де тарта бер.
- Пулын умыттыңыз-ғо.
Мен қалтамнан жүз сом шығарып берип едим. Тәкен аға алмады. - Ер мойнында қыл арқан ширимейтин, дейтин. Осы тоқтыны саған сыйладым.
- Қалайынша, - дедим мен ҳайран болып. Аты-жөнимди билмейтуғын адамның бирден маған меҳрибан болып қалғанына ҳайран болып басым қатты. Тәкен сөздиң анығынан келди.
- Алты атамыздан бери шарўамыз. Қой изинде келемиз. Осы жылы бир қызымды оқытып ғалым қылмақшыман.
- Дурыс ислегенсең, - дедим мен, - ғалым болыў ушын қой бериў шәрт емес. Көкирегинде бир нәрсе болса өзи де ғалым бола береди. Ҳәзир журттың бәри бәйгиге ат қосып атырған ўақыт. Сиз де қосың өз атыңызды.
- Ол айтқаның да жөн-ғо. Ҳәзир қоңсымыздың еки баласы теңнен оқып жатыр. Байғустың әкелери ертеде қаза тапты. Жалғыз шешесиниң не пулы, не қәтереси бар. Соған қарап оқыўда әдиллик бар екенин билемен. Бирақ, бизиң қыздың күйи төменлеў көринеди.
- Ондай балаға шарамыз жоқ. Билими сайыз адамды пул яки қәтере менен билимли етиў қыйын. Соның ушын да меннен өз ҳақыңызды алып, - деп пулды қалтасына салдым. Тәкен оған:
- Ой-бай иним, бул не қылғаның. Буны мен әдейи қызымның көңли ушын тартыў қылған едим.
Мен кескин түрде оған тикленип қарадым да:
- Қызыңыздың оқыўға кириўине тилеклеспен, аға, бирақ мына талақтай жабысқаныңызды қойың, - деп тоқлыны жетекке алдым.
Тәкен ағай шынында да мениң қозыны пулсыз алмайтуғынымды сезди. Ол турған жеринде бир майдан үнсиз қатып қалды да:
- Ой-бай тоқта! - деди мениң изимнен жуўырып. - Иним саўда деген жаман. Бул мәселеде гейде ҳүжданыңды да умытасаң. Мынаў тоқтының қымбат базарында алпыс сомнан асып түсиўи шамалы. Туўры жигит екенсең. Мениң қызым институтқа кирсин деп айтып атырсаң-ғо. Қызымның бахтына тосық болып жүрер. Мен дузақ салмақшы болған қырқ сомыңды алып кет.
- Бул пикириңе қосыламан, - дедим мен.
Сөйтип қозыны алпыс сомға алып, әлле немирде зордан үйге жеттим-аў. Қозысы қурығыр да жетекке жүрмей тәўирақ қыйнап таслады. Сөйтип қаралай өшип келсем, ғаррылар көкнар таўып бересең деп шатақ салып атырған екен. Қозыны қоңсымыз Айтмурат ағаға сойып берегөр деп жалындым да, өзим көкнар излеп кеттим. Түнги саат он болып қалған. Қәне, бул Нөкистен ол табылса. Өлдим азарда гөне Нөкистеги бир кемпирден қурттай көкнар таптым. Сол күнги аўқатты түнги саат екиде жеп болып уйқыға жаттық.
3
Түни менен шаршағанлықтан азанғы саат сегизде зордан ояндым. Көзлерим домбығып исип кеткен. Аяқларым сиресип қалыпты. Узақ кеселден турған адамдай болып қалыппан. Сыртқа шығып қарасам сақшыдай жайдың ҳәр мүйешинде бир адам. Кимди көрсең қолына биреўдиң фамилиясы жазылған иширткидей қағаз. Гилкий "усыны еплеп жибер" деп жүрген биреўлер.
Бүгин имтиханлардың басланатуғынлығы есиме түсти де, даладағы қол жуўғышқа тез-тез жуўына басладым. Соңынан кийиндим де, шайға да қарамай университетке кетип қалдым. Жолда киятырып ойланаман. Өзи бүгин жүз адамнан экзамен алады екенмен. Оның қырық адамына қәтере қағазы келипти. Ҳәммеси болып үш жүз баладан экзамен алады екенбиз. Соннан қабыл ететуғыны тек жигирма бес. Демек, он еки баладан биреў. Бундай үлкен конкурста тек ҳадаллық керек. Ҳадаллық...
Қәтере қағазлардың бәрин жыртып тасладым. "Тап әкемниң баласы болса да қәтереге қарамайман. Өз күши менен кирсин". Жазба имтиханлардың қәтереге бойсынбайтуғын бир жерлери бар. Ҳәр бир баланың жазып тапсырған жумысы өз алдына документ. Оның жазалмай қалған жерин толтырыў, қәтесин дурыслаў ҳасла мүмкин емес. Буннан тысқары жазба жумыс шифр арқалы бериледи де, оның кимниң жазғанын билмей де қаласаң. Соның ушын да жазба жумыста қәтерениң болатуғынына өзим исенбеймен.
Университетке келдим. Тап гүзги пахта байрамына жыйналғандай адамлар сеңдей соғысады. Сирә жол бермейди. Адамлардың арасынан жолды зорға таўып есикке келип жеттим де, аўызда нәўбетшилик етип турған ассистентлерге экзаменаторлық билетимди көрсетип ишке кирдим. Екинши қабатқа көтерилип, кириў имтиханлары болатуғын аудиторияға келгенимде деканымыз Султан Алламуратович бир ассисент пенен пикирлеспекте еди.
(Даўамы бар)
www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
04. 09
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
Мениң кешигип келиўим шынында да профессорға унамады.
- Ҳаў, Қасым иним, усындай күнде кешигиўге боламекен? - деди маған ҳайран болған пишинде қарап. Сол тигилип қарағанында-ақ мениң жағдайымды түсинген болса керек. Басқа үндемеди.
Мен сораўлар жазылған конвертти балалардың алдында аштым да, ондағы сораўларды доскаға жаза басладым. Онда аңсат ғана үш сораў жазылған еди.
Кең ҳәм жарық аудиторияда жүз бала шығарма жазып атыр. Биреўлери узақ ойланыўы менен ийегине бармақларын тиреп алған. Екинши биреўлери ядына ҳеш нәрсе түспей қалып, тәғдирге тән берген адамлардай дым қапа болып отыр. Үшинши биреўлери өзине қолайлы тема түсип қалғанына рәҳәрленгендей сытыр-сытыр жазып атыр. Булар араны ашып киятырған тулпарлар сыяқлы бирден-ақ көзге тасланады.
Мениң өзим баланың әдил сыншысы муғаллим екенине исенемен. Бирақ та муғаллимлер балаларға баҳа бергенде де улыўма республикалық масштаб пенен баҳалай алмайды. Мәселен, гейпара аўыл мектеплеринде бес алып жүрген бала республикалық конкурста төмен баҳа алып қойыўы да мүмкин. Бундай жағдайлар ҳәтте республикалық олимпиадаға жиберилген оқыўшылар арасында да болып жүр. Усындай жуўмақлар оқыўшы ҳәм оның ата-анасының наразылығына да алып келеди. Соның ушын ҳәр қандай муғаллим баланы республикалық сынаққа тәрбиялаўы керек. Себеби, гейпара мектеплердиң қайта-қайта бес қойып хошаметлеген балалары айырым мектеплердиң үш алып жүрген балаларына зорға теңлесип қалады.
Белгиленген мүддет өткеннен кейин ҳәмме өзлериниң жазған шығармаларын тапсырып атыр. Олардың айырымлары жазыўшының шығармасын таллаўдың орнына тек автордың өмирбаянын жазып жиберипти. Ал, бундай жумысларды қалайынша баҳаларсаң. Ол өзиниң еки бет жазғанына кеўли тасып, үйине қуўанышлы қайтып баратыр. Темадан тыс кеткенлигин аңламайды. Усы тийкардан көп ойланып отырдым. Қабыллаў комиссиясының секретары келип барлық жумысларды санап алды. Шифрлап бериў ушын өз кабинетине алып кетип қалды. Мен папиросымды тутандырып сыртқа шығып кеттим.
Сеңдей соғысқан аламан еле тарқамапты. Бир қаҳарман менен ушырасып атырған сияқлы мени орап алды. Бәри балаларының қалай жазғанын сорайды. Мен не деп айтыўым мүмкин. Кимди көрсең "бизиң баланы еплеп жибер" деп жүрген биреў. Геллем ғуўлап тап усы аўҳалда үйге қайттым. Бирақ, жолда тағы бир қәтерешиге тап болдым.
- Тоқта, иним, - деди ол маған жақынлап. - Қурбанбай ғарры деген атаң мен боламан. Ески партизан болып, қарақалпақты баспашылардан тазарттым. Ҳәзир атақлы пахтакешпен. Қартайғанымда көрген бир балам бар еди. Соны мына инстотқа алып келип едим, жәрдем бер, шырағым.
- Ой-бу ата, бизде шифр деген болады. Тексериўде ол кимниң жумысы екенин билмей қаламыз. Оның үстине жазба жумыс деген документ. Жазғанынан артық баҳа қоя алмаймыз.
- Шифр, цифрыңды билмеймен, соны епле, шырағым, - деди ғарры.
Мен аңсатлық пенен түсиндире алмайтуғынымды сездим де:
- Яқшы ата, жәрдем беремиз, - деп қояғойдым.
Ғарры рахметин айтты да жөнине кетти.
Түни менен сабылып шаршағанлықтан түсте азмаз дем алайын деп үйге келсем, үйдиң иши де бығ-жығ екен. Бурынғы қонақ қонақ па. Дайымның дайысы, жийенниң жийени дегендей, пүткиллей сығасып отыр.
Асханаға басымды бир суғып едим. Күйип парты шығып отырған ҳаялым жағамнан ала кетти.
- Мен саған имтихан алагөр дегенбедим. Отпусканың пулын да еки күнде-ақ жеп болдың ғой. Мына абысынлардың дастурханына не саламыз. Анаў "шуба" аламыз деп отырған ақшамыз да атамның аяқ ушына кетти. Ҳәр күни бир қора адамға аўқат писирип отыраман ба?
- Тек сениң гәпиң жетпей турып еди, - дедим мен қатты ашыўланып. Бардым да өзимниң жумыс кабинетимдеги диванға қуладым. Ол жерде де тындырмады. Үш минуттан кейин есик қағылды.
- Кириңиз, - деп есикти аштым. Маған онша таныс болмаған биреў:
- Сыртыңнан таныймыз, иним, - деп күле береди. Мен бул кисиниң жумысының жағдайын түсинген болсам да:
- Жасыүлкен, қандай жумысыңыз бар еди, - деп сорадым. Ол өзи күлкиси келмесе де өзин оғада кеўилли етип көрсетпекши болар еди. Қалай да, ол келген жумысының жөнин күтә узақтан баслап, бөлмениң ишине көз жуўыртты.
(Даўамы бар)
Канал: www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
05. 09
Гүз ырғақлары

Мегзеп кетер кеўлимдеги сезимге,
Көздиң жаўын алған гүздиң реңлери.
Сағыныш пасылы келген гезинде,
Еске түсер ең бахытлы демлерим.

Пидайы дийқанның гүжийди иси,
Ғамланар қырманын алыўға жыйнап.
Ҳадал еңбегиниң татлы жемисин,
Жаны ләззетленер халқына сыйлап.

Шатырын жыйнайды жадыраған жаз,
Тәбияттың қубылыўы ой салар.
Қуслар уясында жаңламас ҳаўаз,
Сағындырып жат журтларға жол алар.

Тоңдырар шымыры аязын сыйлап,
Дизилисип кирип келер "бес қонақ".
Суўық пенен ойнап болмасын ойлап,
Халқым жасар мийман "кеўлине қарап".

Сары көйлек кийген арыўмысаң, гүз?
Пасыллар ишинде орның бар бөлек.
Жүрекке жайғасып қалдырасаң из,
Тәғдир китабымды мазмунға бөлеп.

Аңлатып өмирдиң өткенин зуўлап,
Самаллар да ойшаң турғандай есип.
Негедур гүз келсе кеўилим туўлар,
Тоқтаўсыз мың түрли ой-қыял кешип.

Уқсап бағлардағы жемиске гүздиң,
Ақыл-ойларым да жетилер писип.
Қыял теңизинде бир майдан жүздим,
Бахытлы мәўритлер есиме түсип.

5-сентябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
- Иним, сонша жылдан бери ислеп бир гарнитур яки гилем ала алмапсыз-дә. Китаптан басқа дүньяңыз жоқ ғой.
- Гарнитур ўақты-сәти менен бола берер. Бирақ китап мениң ушын ең үлкен дүнья, - дедим оның сөзлерин жақтырыңқырамай.
- Сырт ел гарнитурын мен саған саўға етпекшимен, - деди жаңағы киси бир майдан үнсиз қалып.
- Не ушын?
- Мениң баламды университетке киргизсеңиз болғаны...
Мен әллеқандай бир пишинде лал болып қалдым да:
- Кеширерсиз, сиз жаңылыстыңыз, - дедим сигарета тутандырып. - Мен өзимниң ҳадал пулыма гарнитур алыўды мақсет еткен адамман.
- Бирақ, сиз жаңылысып атырсыз, - деди ол адам маған өз идеясын өткизбекши болып. - Мен сизге болмаған менен басқа биреўге мақсетимди орынлатаман.
- Қолыңыздан келсе, орынлат! Бирақ мен усы жасыма келип илимниң пулға сатылыўынан хабарсызбан.
- Соның ушын да еле жассаң, - деди ол киси маған жүзин әллеқандай тыржыйтып.
- Айтпақшы, айлығыңыз неше сом жасы үлкен?
- Бир жүз қырық.
- Ал, мен үш жүз жигирма сом.
Ол және жанланып кетти.
- Соның ушын да сеннен қурғын тураман-дә. Меншикке машинам бар. Ғалы-гилемлерди тротуарға төсеп қойыппан.
- Қандай пулларға алынған? - дедим мен қосып.
Оның түри тәўирақ өзгерип кетти. Ҳәтте ашыўланды.
- Мен қандай болғанда да сеннен бай тураман. Китапларың закуска бола ма? Қолың келип турғанда пайдалан-сеш. Өмириңше экзаменатор боламан дейсең бе?
Китапларымды жерге урғаннан-ақ денем түршигип кетти.
- Ҳарам дүнья маған жақпайды. Шығып кетиўиңизди өтиниш етемен.
Ол дәслеп мениң бирден қызғаныма ҳайран болып турды. Соңынан әсте орнынан турды.
- Кешир, - дедим мен. - Кел деў болғаны менен кет деў жоқ. Бирақ, сизиң өзиңиз мени сол жағдайға түсирип отырсыз.
Ол әстен есиктен шығып кетти. Мен сигаретимди пысқытып шегиўим менен өз орнымда отырып қалдым. Отырып ойланаман. Имтихан институтқа кириўши абитуриентлер ушын ғана керек емес. Бәлким, адамлардың ҳүжданын сынаў ушын да керек. Жаңағыдай ҳарамылардан Ҳадаллық сабағы бойынша неге имтихан алынбайды екен?... Мен усыларды ойлап бөлмеде арман-берман жүре басладым.
4
Ертеңине жазба жумыслары басланды. Тек ҳәр бир жумысқа номер қойылғаны болмаса, кимниң жазғанын билмейсең. Тексериў нәтийжесинде кими жығылды, кими төрт дегендей... Жумыслар соңынан салыстырмалы түрде көрип шығылды. Усындай салыстырмалы тексериўлердиң биринде мен өзимиздиң пар муғаллимниң биреўи менен шатастым да қалдым. Ирсек-тирсек етип жазылған бир бетлик жумысқа тил муғаллими "мазмуны жақсы, сөзди қураўы ықшам" деп төрт қойып жиберипти. Оқып көрсем қәтеси көп. Дәрҳал қайтадан тексерип "еки" қойып жибердим. Сол, сол екен, пар муғаллимим менен келисе алмай-ақ қойдым. Ол экзамен алып турған ўақтымызда баланың жанына барып жумысын белгилеп жиберген екен. Жумыслар титульный листке салынып, ведомстьқа қойылып келгеннен кейин қарасам, пүтин масқарашылық.
"Жийеним экзаменатор, баламды институтқа киргизеди", - деп үйде жамбаслап жатырған дайымның баласы бириншилер қатарында ушып кетипти. Қасындағы жатырған ғаррылардың биреўиниң баласы еки алыпты, екиншиси үш. Тақыркөлде бир апайдың баласы бар еди. Ол да еки. Келиншегимниң бир ағаларының баласы төрт алыпты. Ол да үш жылдан бери республикалық олимпиадаға қатнасып жүрген бала. Үйде, әлбетте, мени үлкен кеўилсизликлер күтпекте еди. Келсе көрермен деп дайым мушына түпирип отырған болыўы керек. Апай да баласының жығылыўын қәлемейди. Усылардың бәрин ойланып аудиторияда бираз отырып қалдым.
Сыртта радио микрофон жазба жумысына қатнасқан балалардың баҳасын еситтире баслады. Төрт, бес баҳасын еситтиргенде балалар қуўанар, ал еки баҳасына келгенде... диктордың өзи де даўысы дым қарлығыңқырап, қапа болып оқып турған еди. Шадлық ҳәм қуўанышларға толы турған майданшадағы жаслар арасында енди салқынлық араласа баслаған сыяқлы еди. Портфелимди алып сыртқа шықтым. Ҳаўа бираз өзгерипти. Жамғыр силпилепти. Есик алдындағы скамейкада бир қыз көз жаслары дәрья болып жыламақта. Оған әллебир нәрселерди айтып, қурдасы жубатпақшы болады. Бирақ қыз қурдасының сөзлерин ҳеш қандай тыңламас.
(Даўамы бар)
Канал: www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
06. 09
Қәдирлениў илҳамландырады!

@BaxitliSaribaev
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
Оның әндийшели ғана бир қыз екенлигин көрип дым аяп кеттим.
Адам өмиринде ҳеш қандай қыйналмаса, жыламаса екен. Бирақ өмир ондай емес. Оның өткеллери көп. Соның ушын да "турмыс бир қолы менен басыңды сыйпаса, екинши қолы менен шаппат урады" - деген туўры гәп. Адам өз әрманына жетиў ушын көп ғана машақатлы жоллардан өтиўи керек. Барар жолыңның бәри тегис болса да қызығы болмайды.
Мен университеттиң арғы дәрўазасында және сол ғарры менен ушырастым. Ғарры оғада қуўанышлы еди.
- Рахмет, балам! Төрт қойыпсаң, - деди мениң қолымды қысып.
Ғарры бийшара баласының төртти өз күши менен алғанлығын билер ме екен!
- Рахметти балаңызға айтың, - дедим мен оған.
Ғарры мениң шын мәнисте айтып атырғанымды түсинбеди шамамда:
- Рахмет, балам! Мениң ғаррылығымды, Ўатанға еткен мийнетимди сыйладың. Мен оған басқа үндемедим.
Үйге киятырып ойланаман. Халық арасында сондай ақ көкирек адамлар да көп-аў. Болмаса сол киси маған ҳәтте баласының фамилиясын да айтқан емес. Сонда оның баласына не жәрдем көрсеткен боламан. Гейпара зағзақылар усындай адамлардан да пайдаланады-аў.
Үйге келсем "спектакльдиң" ең үлкени басланып атырған екен. Баҳалар радиода дағазаланғаннан кейин, балалардың бәри үйге келип жағдайын айтқан. Пәйикке қашып отырған ғаррылардың бәри шаўқым салмақта еди. Ашыўға минген дайымның даўысы қатты буўлығып шықпақта.
- Усыннан да адам болып... Буны адам деп келип жүрген бизлердиң есимиз жоқ. Буннан аўылдың муғаллимлери инсаплы. Аттестаты үш болып баратырғанда әнедей бир қойды сойып, арақ-шарабы менен бес қойғыздық та алдық. Сонша ағайин болып отырып, бул жаман бундай қылады деген есимизге келмепти.
Екинши ғарры да сөзди илип кетти:
- Айландырған үш баланы киргизе алмаса инстотта ислеп не қылады?!
- Өзи билими сайыз болса институтқа кириў қыйын усайды, - деп апам сөзге араласқан еди, дайып кейип таслады.
- Қойсаң-ә! Өзи адымсыз. Болмаса аўылдағы Сейтмурат муғаллимнен бес дегенди бир түйе таўыққа алып жүрмиз. Ҳеш болмаса бизлердиң ҳүрейимиз ушын төрт қойсын!
Дайымның ашыўлы екенин сезген апам үнсиз қалды.
Шамасы шаўқым тәўир-ақ ўақыттан берли болып атырған болыўы итимал. Үйге кирсем ҳаялым қуўыста бир қысым болып отырған екен. Күйип парты шығып отырған дайым жағамнан ала кетти.
- Сениң адымсыз екенлигиңди бурыннан-ақ билетуғын едим. Әкеңе усағансаң ақыры, әкеңе! Жаман адам қайыншыл деген. Келинниң иниси өтеди де, бизиң бала өтпейди. Бир балаға қәтерең өтпесе, институтта ислеп не қыласаң?!
Бийшара қәйнимниң экзаменде төртти өз күши менен алғанын, қәне енди бул ғаррыға түсиндирип бере алсам.
- Дайы, ол бала төртти өз күши менен алған. Үш жылдан бери республикалық олимпиадаға қатнасады екен.
- Олимпиа, палампияңды билмеймен, - деди қатты ашыўланған дайым. - Өзиң экзамен алып, дайыңның бир баласын институтқа киргизе алмағаның уят!
Мен қатты қолайсыз аўҳалда қалдым. Дайымның баласының еки алғанына апам да қапа болайын деди. Фронтта ағам қазаланғаннан бери апамның кеўлин жыққан емеспен. Мениң дурыслығымды талай сынап билген апам жынаятқа қол урмаслығымды сезер еди. Соның ушын ол да тис жарып бир айтпады. Анам саўатсыз болса да ҳадаллық сабақларына қанық адам еди. Ҳәтте оның жаслығымда айтқан нәсиятлары да есимде қалған:
- Адам баласы терекке тырмасып өскен сүтилмек болмаўы керек, - деп айтыўшы еди анам. - Егер теректи қырқыў зәрүр болған ўақытта сүтилмекти де қосып қырқып жибереди. Соның ушын да сениң нам-нышаның терекке қосылып кетип изсиз қаласаң. Дүньяға шыққаннан кейин тың жерге шыққан тораңғыл сыяқлы қәддиңди тикле. Ҳадал мийнетиң менен келген бахыт жақсы. Адам көп орында қәтеликке жол қойыўы мүмкин. Бирақ билим жолында адамның қәтеликлерге жол қойыўына ҳақысы жоқ.
Соның ушын да анам маған иллә деп аўзын ашпады.
Дайым ҳәм оның жолдаслары қайнап турған шайға да қарамастан балаларына чемоданларын тасырлатып көтертиўи менен үйден шығып кетти...
5.
Бүгин алты күннен бери үйде отырып берекетим қалмады. Үйимиз тап тәўиптиң үйиндей, азаннан кешке шекем қурдай қатнаған адам. Жумысы питип атырғаны жоқ.
(Даўамы бар)
Канал: www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
07. 09
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
Бирақ солай болса да адамлардың изи үзилмейди...
Бүгин әдебияттан аўызша экзаменниң бар екенлиги есиме түсип ерте ояндым. Экзамен алынатуғын аудитория сазланып, балалар коридорда нәўбет күтип турған еди. Мен келиўден-ақ секретарь қыз пакетке салынған билетлерди алып кирди. Имтиханды баслап жибердик. Мениң қасымдағы пар муғаллим, маманлығы жағынан тилши болып, жақында ғана институтқа алынған. Соның ушын да кириў экзамениниң машақатларын онша сезбес еди.
Әдетте, аўызша имтихан алыў оғада қыйын нәрсе. Ҳәтте, ҳеш нәрсе билмей қалған баланың өзи де сеннен үлкен үмит күткендей телмирип қалады. Гейпаралары өксиўин баса алмастан жылаўы менен шығып кетеди. Айырымлары әкесинен жетим қалғанлығын айтып кетеди. Усындай жағдайлардың ҳәммесин баҳалап көрши? Улыўма бул қыйын нәрсе?
Биринши болып имтиханға кирген жигит-қызлардың ҳәммеси билими жағынан тәўир-ақ мықлы екен. Олардың ҳәммесине де төрт-бес баҳаларын қойып, жүдә кеўилли отыр едик.
Шатақтың үлкени екинши группадан басланды. Нәўбет шашын дүўдендей етип қойған, бир дуғыжым жигитке жеткен еди. Мениң қасымдағы отырған пар муғаллим жүдә активлесип кетти. Абитуриент билеттиң биринши сораўын билмеди. Екинши сораўға да тиси батпады. Үшинши сораўға ҳеш қандай түсиниги жоқ еди. Солай болса да пар муғаллим оның сөзин мақуллаған болып, ҳәр бир сөзинде "дурыс айтып атырсаң" деген сөзлерди қосып айта баслады. Ал, енди қосымша сораўларға келгенде "Баслаўыш деген не?", "Муғаллим келди" деген сөздиң баслаўышы қайсы?", "Бердақ қайсы елдиң шайыры?" дегенге усаған сораўларды берип атыр. Мен оған артық шыдап тура алмастан, имтихан қағазына еки қойдым да жибердим. Жәрдемши муғаллим бурыштай болып қызарып кетти.
- Узақ ағайинлеримиз еди. Не қылып қойдыңыз?
- Ҳаў, өзиңиз ойлап көриң? Бердақ пенен баслаўышты билмеген бала оқый ала ма? Ал, оған жақсы баҳа қойып оқыўға кирди деп ойлайық. Студент болғаннан кейин отыздан артық муғаллим сабақ береди. Имтихан алған ўақытта сениң бул қәтелигиң ушын отыз муғаллим нәлет айтады. Қабыллаў экзаменлерин аларда адамның абыройының түсиўи де усыннан.
Енди ол маған ҳеш нәрсе айта алмас еди.
Усындай келиспеўшиликлерден бир баланың еки алыўына сәл қалды. Ол имтиханға жақсы таярланыў менен бирликте өзиниң жазған қосықларын да алып келген еди. Оған төрт қоймақшы болғанымды байқап қалған пар муғаллим, мениң бир жақын адамларым деп ойлап қалды ма, билмедим, сораўды қардай боратты.
- Достоевскийдиң қандай шығармасын билесең? Есенинниң қандай қосықларын билесең?
- Бул программадан тысқары, - дедим мен. - Ақыры биз рус әдебиятынан имтихан алып атырғанымыз жоқ ғой?
- Мен қәлеген сораўды бериўиме ҳақым бар.
- Олай болса, бул бала менен бағанағы баладан комиссия арқалы экзамен аламыз.
Пар муғаллим қорқып кетти.
- Яқшы, яқшы, бул балаға төрт қойыўға қарсы емеспен, - деди ол мәселениң кескин баратырғанлығын сезип.
Буннан кейин нәўбет өлпең шашлы кишкене бир балаға жеткен ўақытта баяғы физвостағы муғаллим сүўмеңлеп кирип келди.
- Мынаў бир ағайдың баласы еди, достым. Жақында әкеси өлип қалды. Кеўли қабарып кетпесин, бир әмеллеп...
Бизлер бир-биреўимизге қарасып қалдық. Бала элементар сораўларға жуўап бере алмас еди. Бир майдан ойланып, тәўекел деп "үш" баҳасын қойдық та жибердик. Соңынан имтихан тарқағанша бир қолайсыз ис ислеп қойған адамдай меңиреў болдым да отырдым. Гөшти надурыс бөлистирген қассап пенен ушырасқандай кеўилсиз болып үйге қайттым.
Жолда бир киси ентелеп изимнен жетти.
- Қулмуратовқа үш қойғаның жақсы болмапты, иним. Енди бәрибир мандаттан өте алмайды.
- Аўа. Илажсыз қойыўға мәжбүр болдық. Жақында әкеси де өлип қалған екен бийшараның.
Жаңағы кисиниң түри пүткиллей өзгерип кетти.
- Не дейди. Тири адамларды "өлди" деп жүрген инсапсызлар. Ақыры мен оның әкесимен ғой! Пул урсын сизлерди!
Кеўлим астан-кестен болып кетти. Демек, бизиң ҳүжданымызды аяқ асты қылыпты-дә!
Лаппа изиме қайттым. Физвостағы муғаллим еле есик алдында турған екен. Оның бөртип кеткен жүзлерине тигилдим де ғәзебим қайнап кетти.
- Ҳүждансыз! Және қайсындай адамлардың ҳүжданын саттың.
(Даўамы бар)
Канал: www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
08. 09
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
Айырым адамлардан ақша алып, олардың балаларын жетим етип көрсетиўге уялмадың ба?
Ол бул сөзлерге жуўап бериўге әззи еди. Соның ушын да қасыма ерип келген қалпақлы кисиге бақыра баслады.
- Әй, өзиң бир симсик адам екенсең ғой. Ақшаңды ийт жеп пе? Үйде турыпты-ғо. Өзиң басы ислемейтуғын гешше балаңды алып келипсең. Аўзынан сөзи түсип қалған.
Ол киси дым үндемеди.
- Онда суд алдында ушырасамыз, - дедим мен. - Бул исти соңына жеткизбегенше қоймайман.
Екеўи де бирден сескенип кетти. Усы ўақытта барып қалпақлы киси тилге келди.
- Ондай етпей-ақ қой, иним. Мынаў жигит бир қатнаса алмай жүрген бөлемиз еди. Бөлелердиң арасында бес жүз манат жүрмей ме?
- Жүретуғын болса биреўлердиң сап ҳүжданын ылайламаң. Мен үш баҳасын сениң ақшаңа емес, оныншы классты питкерген ўақтында атасынан айрылып қалған бир бийшара баланың муңы ушын қойғанман. Бирақ, мениң айырым адамлардың пул ушын ҳүжданын сататуғынлығынан хабарым жоқ.
6
Түстен кейин және шақыртылдым. Химбиология факультетине кириўши абитуриентлердиң жазба жумысларын тексериўим керек екен. Еле шифрланбағаны ушын бир сааттай күтип қалыўға туўра келди. Коридорда абитуриентлер көп болғаны менен жүдә тынышлық ҳүким сүрген еди. Ҳәр жерде үйме-үйме болып турған абитуриентлер сабақлықларын бетине басып алып күлимсиреп шыққанлары да, "еки" алдым деп орамалын бетине басып жылап киятырғанлар да бар. Биринши қабатқа қарай өтетуғын мүйеште жабырласып турған абитуриентлер, тап мал базарға келген базаршылардай "Неше алдың?", "Қандай сораўлар түсти?" дегенге усаған сораўларды үсти-үстине жаўдырып атыр.
- Айтмуратовқа "Ийттиң түрлери" деген сораў түсипти, - деп күлиседи әлле кимлер.
Тарийх кабинетиниң алдында еки абитуриент бәсекилесип атыр.
- Қырым урысын ярым саат сөйледим. Сонда да муғаллим "үш" қойды, - деп налыйды бириншиси.
- Ким менен ким урысқан екен?
- Әне, сол жерин билмей қалдым да.
- Онда саған еки қойылыўы керек екен, - деп нықыртты екиншиси. - Ҳаў, ким менен кимниң урысқанын билмей қуры сөйлей берип жиллимисең.
- Саған не түсти, - деди үшинши биреў.
- Уллы Ўатандарлық урыс.
- Айттың ба?
- Айттым. Бирақ қосымша сораўға жуўабым шалалаў болдыма деймен.
- Ол қандай сораў?
- Жерлеслеримизден шыққан Советлер Союзының Қаҳарманлары.
- Кимлерди айттың?
- Отарбай Сейитов, - деген едим, муғаллимлер күлиседи.
- Орденлериниң көплигин айтажақ болғансаң ғой.
Имтихан алынып атырған аудиториялардың есиклери ашық. Гейпара абитуриентлердиң жуўапларына қанаатланбаған муғаллимлер көкнаршыдай шыртылдап отыр. Жақында ғана университетке алынған ассисент коридорға атлығып шыққанын көрдим.
Шамасы пар муғаллим менен келисе алмай қалған-аў деймен.
- Бүгиннен баслап ислемеймен, - деп азарда-безер болады.
- Не болды? - дедим мен оған жақынлап.
- Не болатуғын еди. Бир саўатсыз баланы қәйним еди, жоқары баҳа қояйық дейди. Усы ағайдың ети өлип кеткен шығар сирә. Болмаса баслаўышты билмейтуғын балаға төрт қойып бола ма?
- Қапа болмаңыз, ректоратқа айтамыз.
- Ректорат сонша баланың бәрин қалай тексерип шығады. Оннан да адамда ҳүждан болыў керек. Сонша конкурстан кейин саўатсыз баланы қабыллаўға кеўлиң бармайды.
Мен бул кеўилсизликлерден кейин қатты қапа болдым да, сигаретамды тутатып сыртқа шығып кеттим.
Ҳәр күни зүрәәт байрамына жыйналғандай аламан. Бүгин сәл тарқалысып, қапталдағы скамейкалар да жекке-жарым ғана адамлар қалған еди. Қолына қалпағын алып қуяшламада мүлгип отырған әдеўир жасларға барып қалған бир ғаррыға нәзерим түсти.
Ғарры ишки есик ашылыўдан көзин шайдай ашып тигилер, өзине керек емес адамлар екенин сезгеннен кейин қайтадан буйығар еди. Мен оның қасына аманат ғана отырдым. Ол мениң отырғанымды сезди ме, сезбеди ме, билмедим, ләм деп аўзын ашпады. Ғарры шынында да есиктен басқа ҳеш жаққа қарамас еди. Есик бизлер отырған жерден әдеўир қашық болса да, кимлердиң кирип, кимлердиң шығып киятырғанлығын анық сезип отырғанлығына ҳайранман. Жып-жылтыр етип қырылған басын қуяшқа тутып, бираз мүлгиген ғарры сол отырысынан сары көйлек кийген бир кишкене бала есиктен шыққанда ғана көзин ашты.
(Даўамы бар)
Канал: www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
09. 09
Forwarded from Бахтияр Генжемуратов
Дөретиўшилик, руўхый изленислер, өмир поэзиясы менен жасайтуғын азшылық ҳәм жеке мәп, нәпси, дәмегөйшилик, өмир прозасы менен жасайтуғын көпшилик ортасында трагедиялық конфликтлер ҳәм трагедиялық түсинбеўшиликлер мәңги болабереди.

Николай Бердяев
"Теңсизлик философиясы
"
Кеўил менен жасадым бәрҳа

Кимге наҳақ, өзимше ҳақпан,
Көп гезлесер айып, мин таққан,
Жоллары ма қурса да қақпан,
Кеўил менен жасадым бәрҳа!

Ел аўзына тутпадым елек,
Болар екен түсинер сийрек,
Қыйналса да бийшара жүрек,
Кеўил менен жасадым бәрҳа.

Машақатлы болса да жолы,
Мудамы жақсылыққа жорып,
Өз дүньямда бахытлы болып,
Кеўил менен жасадым бәрҳа.

Қәдир тутып таза сезимди,
Гә шадландым, гейде езилдим,
Өзгерте алмай минезимди,
Кеўил менен жасадым бәрҳа.

Сумлық, ҳийледен жоқ хабарым,
Аралап өмирдиң базарын,
Жумылғанша еки жанарым,
Кеўил менен жасайман бәрҳа!

Пәк күлкимди ертең еслегей,
Орнымды жақсылар излегей,
Бахыт берсе қушып кеш демей,
Кеўил менен жасадым бәрҳа...

9-сентябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
Көп күткен адамы көрингендей алақанын уўқалап, қалпағын кийди. Есиктен шыққан жас жигиттиң ғаррыға кейип бериўине қарағанда сирә баласы болыўы итимал. Жаңа орнынан тура бергенде бир нәрсе ядына түсти ме, я баласының аўҳалын муқыятлап билип алғысы келди ме, әйтеўир орнына қайтадан отырды.
- Сөйтип не қылдың, балам. Илесе алдың ба? - деди оған орынлықтан жай нусқап.
- Епледим, - деди бала отырып атырып.
- Еплегенде қалай? Үш пе?
- Ҳәкисине мениң гезегим бир жас муғаллимге түсип қалды.
- Әй, онда арбаны аўдарыпсаң ғой.
- Жағ-әй, олай болмады. Мен таяр емеспен деп отырып алдым.
Ғарры "мына жағы парахатшылық екен ғой", - деген пишинде қалпағын қолына алды.
- Ҳее, сөйтип?...
- Бир сааттай отырған шығарман сирә. Мийиме бир нәрсе түссе буйырмасын. Соңынан "Әй не болса болсын" - дедим де ғаррылаў муғаллимниң алды босаўдан-ақ отырып алдым. Қағазға билетте айтылған сораўдан басқа ҳеш нәрсе жаза алмадым. Бирақ та биринши сораўдың изине: "Муғаллим, Қәдиримбет сизге сәлем айтты", екинши сораўдың изине: "Урыста бирге болған екенсиз", үшинши сораўдың изине: "Төрттен кем болмасын деген еди" деген сөзлерди жаздым.
- Ўәй, қуў бала-әй! Әкеңнен де өткер, - деди ғарры жазылысып.
- Муғаллим алдындағы көк шайдан бир-еки уртлады да, тап бир музыканы еситетуғын адамдай бармақлары менен столды шертип маған жүзленди.
- Қәне, балам, қулағым сенде.
Мен тап жағдайды күткендей:
- Муғаллим, бул бир әдебият я тарийх емес, математика. Математика деген көп сөйлеўди унатпайтуғын пән. Соның ушын буның несин айтаман. Жуўабымның бәрин мына еки бет қағазға жаздым, - деп алдына ысырып қойдым.
Мениң бул жуўабым ғарры муғаллимнен көре екинши мүйеште экзамен алып отырған жаслаў муғаллимге унап кетти.
- Нағыз математик бала екен, - деп ол жайды басына көтерип күлди. Мен болсам ҳийлемди сезип қалмағанбекен деп қәўипсинемен.
Соңынан оның шын ықласы менен-ақ айтып отырғанлығын сездим.
Ғарры муғаллим мыйық тартып бир күлди де, мениң қағазымды алдына тартып, тап түсиниўи мүшкил болған формулаларды көзден кеширип атырғандай тигиле баслады. Ол сол отырысырда тәўир-ақ отырып қалды. Айырым формулаларды өзинше шығарды. Соңынан маған жүзленип:
- Биринши сораўың жақсы. Екинши сораўың да жақсы. Бирақ үшинши сораўың бир қанша төменирек. Солай болса да "төрт" қойыўға болады, - деди мениң экзамен қағазыма баҳа қойып отырып. - Бирақ, мына қағазыңды қайтадан көширип бер, - деди маған еки бет қағаз усынып. - Ақыры, бул документ балам.
Алып қарасам, мениң жазғанларымды өширип орнына формулалар жазылыпты. Дәрҳал көширип берип, төрт алып киятырғаным.
Олар орнынан турып кетти. Отырып ойланаман. Имтихан - бул сынақ. Бала бир жерден еп пенен өткени менен, оның сан мың өткеллери бар. Елиўдей муғаллимниң сынағынан өтеди. Бири болмаса биринде тутылмас па екен? Усылайынша аўыр ойланыўым менен екинши қабатқа қарай көтерилдим.
7
Шет тиллер факультети бойынша аўызша имтиханлар даўам етер еди. Мен өз тәжирийбелериме мың мәртебе исенемен.
Жазба имтиханда жақсы баҳа алған бала аўызеки имтиханнан ҳеш қандай төмен болмайды. Бул тәжирийбе муғаллимлер арасында әбден сыналып, пискен. Бирақ та, мениң алдымда жазба жумысынан "төрт" алған, Бердақтың қандай шығармаларының бар екенлигин билмейтуғын студент пайда болды. Ҳайранман, Бердақты билмейтуғын бала қалайынша "жақсы баҳа" алған екен? Қабыллаў комиссиясына өтиниш етип, жазба жумысларын алдырдым. Бала Бердақтың "Ақмақ патша" поэмасын жүдә кәмине келтирип жазыпты. Тек жазылыўы ирсек-тирсек болмаса мазмуны сондай терең. Бул ҳәдийсеге таң қалғаным соншелли, балаға кескин бурылдым.
- Ҳаў, Бердақтың "Ақмақ патша" поэмасын жақсы жазыпсаң ғой, ҳеш болмаса соны айтып бер.
Бала ләм-лим деп аўзын ашпады. Билемен, көпшилик балалар жазба жумысларда шпаргалкалардан пайдаланады. Ҳәтте олардың басында ҳеш нәрсе болмаса да, илимпазлар тәрепинен жазылған китаплар арқалы тегис көширилген шпаргалкалар оларды "данышпан" етип көрсетип турады.
Бул жумыстың да тап усылай жазылыўы анық еди. Себеби, бала өзиниң не ҳаққында жазғанын да түсиндирип бере алмады.
(Даўамы бар)
Канал: www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
10. 09
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
Сонлықтан да аўызша имтиханға болған баҳасын "қанаатландырарсыз" деп таптым.
Оннан кейинги столда отырған көк көйлекли кишкене ғана бала өзиниң жуўабына қарай "үш" баҳасын алыўға еристи. Бирақ та ол баланың маңлайындағы теңгедей қалы әлле кимди қыялыма салғандай қайта-қайта тигилип қарай бердим. "Қай жерде көрген екенмен сол баланы?" Ҳе дедим, өзиме өзим. Жазба имтиханда көрген екенмен. Айтпақшы, ол бала ҳеш нәрсе жаза алмастан тек ақ қағаз тапсырып кеткен жоқ па еди? Аўа, солай. Және бир көк жемпер кийген қыз да жаза алмады. Булар екеўи еди шамамда. Мәселени және де анықлаў ушын, есап-санақ жазып жүретуғын блокнотымды излестире басладым. Блокнотта: "6-августта. Шет тиллер факультетине кириўши студентлер ушын қарақалпақ әдебиятынан жазба имтихан. Имтиханға қатнасқан бала - елиў. Еки бала жазба жумысын жаза алмастан шығып кетти. Қайыпназаров ҳәм Әллекова" деген жазыўлар жазылған еди. Тап өзи. Фамилиясы да Қайыпназаров. Мениң ҳайран қалатуғын жерим сол, бул баланың жазба жумысына "жақсы" баҳа қойылған еди. Және ҳайран қалатуғын жерим, бул баҳаны мениң өзим қойыппан. Аппақ қағаз бир түнде қалай жақсы шығарма болып кеткен. Түсинсем, қара кешке. Баланың шығарма жазыўдан алған баҳасын имтихан қағазы арқалы билип алған болсам да сорадым:
- Жазба жумыстан неше алдың?
- Төрт.
- Ҳаў, қалайынша төрт болады, иним. Мениң көз алдымда "жаза алмадым" деп ақ қағаз таслап кеткениң қайда?
Бала қолайсыз сораўдан бирден албырап қалды. Ҳәтте қорқып та кетти.
- Сен кете бер, - дедим оған. - Мен буны тийисли орынларға билдиремен!
Баланың еки ийни түсип, басы салбырап есиктен шығып кетти. Кеште үйге келсем нәҳән бир қой байлаўлы тур.
- Буны ким алып келди, - дедим туфлийымды шешип атырып, иштен шығып киятырған келиншегиме.
- Өзиң танымасаң, көрген адамым емес.
Ишке кирип келсем ҳәсеттиң ыссысында басына үлкен селкилдек шөгирме кийип, алпыслар шамасындағы бир ғарры төрде шай ишип отырған екен. Мен кирип барыўдан-ақ тап бир бийпарўа бригадирлердиң қылмысының үстинен райком секретары шығып қалғандай жүдә албырап қалды. Кесесин қолына услаўы менен "төрге өт, шырағым" деп есик бетке шығып кетти.
- Отыр, шырағым. Бизлер әкеңди көрип едик. Пай, қандай зор адам еди. "Орнында бар оңалар" деген, түпәләм...
Мен әкемди көрген қарияның буншама илтипатына ҳайранман, соңынан бул мәселениң имтихан менен байланыслы екенлигин сездим.
- Отыра бериң, ақсақал, - деп төрди нусқадым да, есик бетке аманат ғана отырдым.
- Сөйтип, ақсақал, үй-ишлер аманлық па?
- Аман отырмыз, шырағым.
Ол тап ийшанның райшыл суўпыларындай меннен әдеўир жасқанып, есикке қарай берди.
- Ҳәзирги заманның улама адамлары сизлерсиз шырағым, - деди ол ҳәр бир сөзинде мени көтермелеп. - Садағаң кетейин Муҳаммед пайғамбардың айтыўынша илимий адамлар туўры бейишке барар екен. Сизлерди жас болыўыңызға қарамай, сыйлаў бизлер ушын парыз, балам.
Ғарры гәпти жүдә узақтан баслады. - Бурынғы заманда да, ҳәзирги заманда да китаптың кәраматы уллы болған. "Китап түспеген адам еки дүньяда қор болады" - деп айтады уламалар. Буннан тысқары өзге тил үйрениўдиң саўабы қайда жатыр дейсең. Перзентке өзге тил үйретиў саўап ҳәм парыз. Садағаң кетейин ҳәзирети Шахимардан да сегиз тилди билер екен. Солай етип, баламды инглиз тилине алып келдим, шырағым. Пай наятый жүйрик тил деп айтады ғой, - деп қосып қойды ғарры.
- Дурыс ислегенсиз, - дедим мақуллап.
Ғарры тағы да сөзди өзи баслады.
- Дурыслығы дурыс та. Япырмай, усы балалардың билими наятый күшейип кетип, өз тилимизди менсинбей жүрмиз-аў, сирә.
- Неге?...
- Болмаса балаларымыз инглис тилинен болған имтиханда "төрт", "бес" алып келеди-дә, ал өзимиздиң тилге қарағанда мандымай қала береди-аў.
Мен сум ғаррының гәпти қаяққа қарай бурғанын сездим де, ериксиз күлип жибердим.
- Бирақ, сиз жаңлысып отырсыз, ата. Мен өз тилин билмеген баланың басқа тилди беске билиўине ҳеш қандай исенбеймен.
- Яқ, балам, бизиң Қәдирбергенжан сол инглиз тилинен төрт алыпты да, қарақалпақ тилинен зордан үш алған усайды.
- Қай жерде оқыған?
- Шортанбайда.
(Даўамы бар)
Канал: www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
11. 09
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
- Демек Шортанбайда анлличан тили жақсы оқытылар екен-дә.
- Онысын билмеймен-дә. Усы бизиң тилимизди оқытатуғын баллар дым майдалаўма деймен. Болмаса туўайын деп турған бир сыйыр жетелетип жибердим. Алмапты заңғардың баласы.
- Әне, сизиң қәтелигиңиз. Баҳаны сыйырға сатып алғаннан кейин ол балада қандай билим болады. Дүньяда көп нәрсени сатып алыў мүмкин. Бирақ билимди сатып алыў қыйын. Себеби билим ушын баланың өзинде бир нәрсе болыўы керек. Зорлап оқытқан менен ҳеш нәрсе шықпайды. Соның ушын да ҳүкимет конкурс ашып қойыпты. Талабан болса өз мийнети менен кирсин. Бизде оқытатуғын сабағын билмейтуғын муғаллим, дәрини айырып билмейтуғын врач, машинаның деталын билмейтуғын инженерлер де ушырайды. Бәри де усындайлардың салдарынан келип шыққан. Бизиң мақсетимиз соларды жоқ қылыў.
- Ол айтқаның дурыс ғой, шырағым, - деди ғарры ырасынан келип. Бизиң аўылдан да сегиз шопанның баласы оқып атыр екен. Мектепте беске оқыйтуғын еди деп айтып отыр, Қәдирбергенжан.
Өзи әўелден жүйрик болмаса қыйыны усында. Болар ис болды. Енди сеннен жасыратуғын ҳеш бир гәпим жоқ. Бизиң Қәдирбергенжанды ректорға айта көрме, балам.
- Не деп айтаман, - дедим мен мәселеге түсинбей.
- Ўәй, буның тарийхы узақ, сен жас едиң-аў. Билмейтуғын шығарсаң, сирә. Әкеңниң қолынан көп дуз иштик. Есберген шығанаққа көшип кеткен Жумамурат суўмурын деген бир шабандоз бар еди. Соның генже қызы Жумабийке ертеректе усы Нөкиске инглис тилин оқытатуғын бир балаға түсти. Муғаллимлер араласса "ебиндей оқыған балалар да оқыўға кире алады" деген менен Жумамурат суўмурын екеўимиз сол баланың үйинде жатып, инглис тилинен еплеп төртке тапсырттық. Инглис тилинен тилинен тапсыртқан балаға қарақалпақ тилинен имтихан тапсырыў жыр ма деп жата берген екенбиз. Бул маңлайы қара, мынаяғына дым баспай қалса болар ма? Үш саат даўамында отырып, ҳеш нәрсе жазбастан қағазын қайтып берипти. "Бердақ есиме түспей қалды" - дейди. Ҳәй, балалар да жандырады-аў. Бердақты ҳәтте мен жазып берермен. Соңынан күйеў балаң бийшара қатты қыйланып қалды. Анда шапты, мында шапты. Ақырында "ответ секретарь" дейме-аў, биреўин таўып, жақсы бир баланың жумысын көширип, "үҳ" деп келди-аў, әйтеўир. Ертеңине әнедей "төрт" алып келди. Көкнарды қайтадан езип ишип, бир майдан мәлҳәм болған едик. Бүгин бул соры қайнаған: "Муғаллимниң ең үлкенине тап болдым. Жақсы жуўап бере алмадым. Ол мениң шығарманы жаза алмай кеткенимди сезген екен. Қалайынша төрт алып жүрсең, тийисли жериңе билдиремен, деп айтты" деп еки бармағын мурнына суғып келип отыр. Бул хабарды "ответ секретарь"да еситип ҳаўлығып қалыпты.
"Ол үлкен муғаллимниң биреўи. Оннан қала берсе дурысынан келе беретуғын адам. Енди ректорға айтады. Алдын алмасаңыз аўҳалым шатақ" деп зинҳарлап тапсырыпты.
Ойланып қарасақ усы үлкен муғаллим дегени сен болып шықтың. Әкең тири ўақтында бизлер жора едик. Сөзимди қақпалай қояр ма деп, түстен кейинги көкнарды ишпей, қойды жетекке алып киятырғаным, шырағым.
Маған енди барлық мәселе аян болып қалды. Шамасы маңлайында қалы бар абитуриент усы кисиниң баласы. Англичан тили муғаллими жуўаплы секретарь менен келисе отырып, балаға жумысты түнде көширткен болыўы итимал. Солайынша жумысларға қосылып кеткен-дә. Ертеңине мен билмей тексерип жибергенмен. Бул жерде тек жуўаплы секретарь ғана айыплы еди. Узақ ўақыт ойланып отырдым да:
- Яқшы, - дедим ғаррыға көз астымнан қарап. - Жақсысы ректоратқа айтпайман. Себеби үш алғаннан кейин-ақ бала конкурстан өте алмайды. Ол ҳаққында ректоратқа барыўдың ҳешқандай қәжети жоқ.
- Рахмет, балам, онда кетемен.
- Яқшы. Бирақ мына қойыңызды алып кетиң.
- Неге? Бул балларға базарлық.
- Баллардың қой базарлық жеўине еле ерте.
- Сонда да балам...
- Жоқ... жоқ... Егер алып кетпесеңиз мен тийисли орынларға билдиремен.
Ғаррының енди басқа илажы қалмаған еди. Ол мени жеңе алмаслығын билди де, қойды жетеклеп алып кетти.
Мен бул мәселе ҳаққында ректоратқа бармадым. Бирақ та жуўаплы секретарьдың айыбын бетине басыўдан тартынғаным жоқ. Рети келген жерде бетине айттым да, тек соның менен ғана шеклендим.
(Даўамы бар)
Канал: www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
12. 09
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
Сол, сол екен, жуўаплы секретарь менен жулдызымыз қарсы болды да қалды.
Жуўаплы секретарымыз ишинен тынған, күлип сөйлеп отырып-ақ сулайтып салатуғын өз исине пысық бир адам еди. Оның ҳәмме ўақыт күлип туратуғын жүзинен сени жақсы көрип яки жаман көрип турғанлығын айырыў әмри мәҳәл. Бул жағынан қарағанда ол муғаллимнен көре жынаят қыдырыў органларының хызметкерлерине көбирек усап кетер еди. Ол ҳәммеге бир қыйлы мәмиле қылатуғын болғаны ушын оның кимди жаман көретуғынлығын ҳеш ким айырып билмес. Деген менен ол мени жақсы көретуғын сыяқлы еди. Бирақ бул жақсы көриўлердиң ҳәммесин бес күнлик имтиханның өзи-ақ айырып таслады. Муғаллимлер:
- Ол кисиниң тарпыўына ушырасаң қайтып келе болмайсаң, - деген сөзди көп айтысатуғын еди.
Шынында да солай болды. Мен енди ҳәр күни азанда университетке келип, қуры сандалып үйге қайтатуғын болдым. Тил ҳәм әдебият бойынша имтихан алыўшылардың саны алтаў болып, ҳәр күни олардан төртеўи сайланып алынатуғын еди. Имтихан алыў ушын шек таслаў законлы қубылыс болса да формализмге айланып кетти. Шек салынған конвертлер де еки аўыз ғана сөз жазылған болып, биреўинде "имтихан аласаң", екиншисинде "имтихан алмайсаң" деген жазыўлар бар еди. Жуўаплы секретарь бул конвертлерди алдын ала ашып көрип, кеўлине унаған муғаллимлердиң алдына "Имтихан аласаң", ал кеўлине унамағанлардың алдына "имтихан алмайсаң" деген конвертти таслайтуғын еди. Бул шек емес, бәлким "ким жуўаплы секретарьға көбирек унайды" дегенге усаған бир ҳәдийсе. Күнде шектен қуры қалып қайтқаннан жаманы жоқ екен. Жуўаплы секретарь менен сөз алысқаннан кейин-ақ мениң даўым жүрмей қалды. Ол бәрҳама мениң алдыма "имтихан алмайсаң" деген шекти таслайды да, күнде шек түспеген болып үйге қайта беремен. Буның себеби өз-өзинен түсиникли. Жазба жумыс алынбайтуғын факультеттиң өзи жоқ. Жуўаплы секретарьдың басқа факультетлерде таныс баллары көп болып, меннен жығылып қалыўынан қорқар еди шамасы. Бир күни баслаўышты билмеген балаға "төрт" қойып жибер дегенинде "2" қойып жиберген "айыбым" және бар. Соның ушын да кейинги имтиханларда бир сөз айтсаң кеўлиңди қалдырмайтуғын ассисентлердиң қолы бәлент болып кетти. Мен ҳәр күни азанда "имтихан алмайсаң" деген конвертти алып үйге қайтар едим.
Кеўлим тыныш. Деген менен гил кеўилшек жигитлер имтихан алып, биринши курста үлгермеўшилер көбейип кетеди-аў деп қорқаман.
Енди келип отырған адамлар да жоқ. Үйимиздиң алды тып-тыныш. Бул жерде жақын арада бир дәбдебели той болып, соңы басқа көшелерде даўам етип атырғандай жым-жырт. Ҳәтте буннан тәшўишленген келиншегим:
- Бир қәте ис қылып қойғаныңыз жоқ па? Бир ҳәптеге шекем қолыңа бос конверт түсе бергенин қалай түсинсе болады. Я жумыс ислеген емес, я қарап жүрген емес. Оның орнына журт қатары мына есигиңниң алдына дәрўаза сал я болмаса илимий жумысыңды исле.
- Усы шаўқымда илимий жумыс ислеп бола ма? Тезирек өтип кетсе еди имтихан. Және тағы бул бир лотерея ойнағандай нәрсе. Мен қандай шектиң түсетуғынын қайдан билейин.
Узақ ойланып қалдым. Бул жүдә қызық ис болды-дә. Я имтихан алғанлардың арасында жоқпан я отпускада... Қулласы, мен еки оттың ортасында қалдым. Ертеңине күтилмегенде қолыма "имтихан аласаң" деген билет түсип қалды. Соншама кеўилсиз ўақыялардан кейин имтихан алыўға сирә қайылшылығым жоқ еди. Илаж қанша? Шек қолыңа түскеннен кейин алыўға мәжбүрсең. Аяқларым босасып екинши қабатқа көтерилдим. Мен жақынлағаннан секретарь қыздың гилтлерин шақырлатып, политэкономия кабинетин ашып атырғанынан-ақ мәлим болды. Демек, жазба жумыс тексериўим керек. Ҳақыйқатында да, солай болды. Коридорда тынышлық ҳүким сүрген ўақытта қолына қырқлаған жазба жумыс услаған жуўаплы секретарь кабинетке кирди де, есиктиң иштен гилтин таўлады. Бөлмениң гилти сол кисиниң еркинде. Сыртымыздан қулып урып, бизлерди умытып кеткен ўақытлары да көп болған. Соның ушын да бул жайға кирсем өзимди әлле қандай ериксиз сезип, бир түрли болып кетемен.
- Пай, иним, имтихан алыўшылардың бәри өзиңдей болса?
Әне, баслады, дедим өзимше. Бул киси адамды ийттен бетер жек көрип турған болса да мақтаўын қоймайды.
(Даўамы бар)
Канал: www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
13. 09
Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
Қолыма елиў жумыс санап берди.
- Аўыл хожалығы, - деди бир көзин қысып. - Булар әдебиятшылар емес, инженерлер, жүдә сығалай берме, - деди маған ақыл берген болып. - Және булар сайланды команда. Биолог, математиклер. Жығылып қалмасын, - деп әбден шегелеген болды.
Жуўаплы секретарьдың айтқанындай-ақ бизлер тәбият пәнлерине кириўшилерди онша шуқластырып отырмаймыз. Жазба имтиханнан филология факультетлериниң абитуриентлерине қарағанда оларға қойылатуғын талап әдеўир жеңил. Мениң өзим мың мәртебе исенемен, математикадан жақсы оқыған бала ана тилинен төмен жазбайды. Бирақ та, айырым сәлем хат жаза алмайтуғын балалардың "күшли математик" болып имтихан тапсыратуғынлары болады. Мениң жеке өзим буған оншама исенбеймен.
Жуўаплы секретарь изине қайтпақшы болып, әлле бир нәрсени ескерткиси келгендей изине қайырылды.
- Отыз сегизинши атылмасын!
Түк түсинсем. Ертеректе "Жигирма алтыншы атылмасын" деген кино көргеним бар. Бул киноның имтиханға қандай қатнасы бар екен? Усы шәлкем шәлистен дәрҳал өзиме келдим. Ҳа, қуў, сениң-ә! Отыз сегизинши номерди айтып отырған жоқ па екер? - деген ой жылт етти қыялымнан.
Шынында да, солай. Жазба жумысты өзинен басқа адам шифрламайды. Сонша имтихан алып, басқа бир адамның номер айтып келгенин еситкенимиз жоқ. Демек, өзине тийисли.
- Бул буйрық па? Я өтиниш пе? - дедим оның жүзине тигилип.
- Буйрық десе де болады, өтиниш десе де болады. Ақсақал айтып еди... Ректор.
Ақсақал айтты дегеннен-ақ Шамурат Абдимуратович есиме түсип, "ләм" деп аўыз ашпадым. Демек, ректор айтқан екен орынланыўы тийис.
Жуўаплы секретарь есиктен шықты да тасыр-тусыр қулыплады. Мен әстен отыз сегизинши жумысты қолға алдым да, бир кеўилсиз ҳәдийсениң гүўасы болғандай серрийип қатып қалдым. Жазба жумысқа алты қатар ғана сөз жазылған еди. Бундай жумысқа қандай жағдайда да баҳа қойып болмайды. Жуўаплы секретарь менен шекинисип қалғаным аздай, ректордың кеўлине тийип алатуғын болдым-аў деп отырған орнымда лал болдым да қалдым. Бирақ та ректорымыз болмайтуғын иске адамды мәжбүрлемейтуғын, бирақ болар исти қам қылған адамды өлердей жаман көретуғын бир пикирли адам еди.
Не болса болсын, дедим өзимше.
Жумысты Шамурат Әбдимуратовичтиң өзине көрсетемен. Усылайынша бул жумысты өз алдына қойдым да, қалған шығармаларды тексере басладым. Қырқ төрт бала өтти. Бес бала қанаатланарсыз. Биреўи болса... Не қылсам екен... Бул да еки деп қол қойып атырған едим. Есиктиң қулпы шыңғырлап ашылып секретарь қыздың басы көринди.
- Сизди қыстаўлы түрде ректор шақырып атыр.
- Не екен? Отыз сегизинши номермекен? - деген пикир келди қыялыма. Қағазларымды жыйнастырып орнымнан турдым.
- Қулып урып қойсаңыз. Ҳәзир келемен.
- Яқшы, - деди секретарь қыз.
Әдетте ректор белгили мәселелер бойынша шақыртатуғын еди. Оның алдына барыўымыз бир күн бурын белгили болып, қолымызда мәселеге тийисли болған папкамыз ҳәм есап қағазларымыз болыўы тийис еди. Бул иретте неге шақырылғанымды билмедим. Төменги қабаттағы оның кабинетине жақынлағанымнан-ақ буўынларым босасып кетти.
Есикти ашқанымда Шамурат Әбдимуратович әлле ким менен телефонда сөйлесип атырған еди. Ишке кириўди ыңғайсыз көрип, есикти жабыўға қолайласқанымда:
- Қасым кел, - деп шақырды.
Мен аўыздағы стулге аманат ғана отырғанымда ол:
- Аўылдағы билим менен бул жердеги имтиханды салыстырып бола ма? Мектеп муғаллимлериниң көпшилиги кеўилшек болып кеткен. "Төрт" бенен "бес"ти қоя береди. Енди ол жағын конкурс шешеди, - деп трубканы орнына қойды.
- Сизден бир өтиниш, 38-жумысты жақсылап тексерип нәтийжесин маған айтсаң.
Мен жаңа ғана бул жумысқа еки қойғаным есиме түсип, аяқ-қолым муздай болып кетти.
- Неге, бир жериң аўырып турма, - деди ол мениң бирден өзгергенимди көрип.
- Яқ. Өзим сондай.
- Енди аз ўақыт қалды. Дем алыс беремиз, - деди ректор мени шаршаған деп ойлап. - Сен боссаң, - десе де еситпеген усап отыра бердим.
- Шынында да бир жериң аўырған ба, - деди ол ҳайран болып.
Мен дәрҳал өзиме келдим.
- Дурыслап тексергенде қандай "төрт" яки "бес" болыўы керек пе?
- Не дейди? - Ректор бирден ашыўланды.
(Даўамы бар)
Канал: www.tgoop.com/BaxitliSaribaev
14. 09
2024/09/21 01:16:38
Back to Top
HTML Embed Code: