Telegram Web
Аралбойы аймағында жасыл қапламаларды пайда етиў бойынша быйылғы жылғы жумыслар баслап жиберилди

Жақында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан бойынша әмелге асырылған ең ири жойбарлардың бири болған халықаралық әҳмийетке ийе А-380 автомобиль жолының «Қоңырат-Бейнеў» арасындағы жаңадан курылған 240 километри халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылған еди.

Бүгин усы автомобиль жолы бойын көкилемзарластырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында 2025-жылғы сексеўил егиў мапазы баслап жиберилди.

Толық оқыў

Оролбўйи ҳудудида яшил қопламалар барпо этиш бўйича жорий йилги ишлар бошланди

Яқинда ҳурматли Президентимиз томонидан Қорақалпоғистон бўйича амалга оширилган энг йирик лойиҳалардан бири бўлган халқаро аҳамиятга эга А-380 автомобиль йўлининг "Қўнғирот-Бейнеу" оралиғидаги янги қурилган 240 километри халқимиз фаровонлиги учун фойдаланишга топширилган эди.

Бугун ушбу автомобиль йўли бўйини кўкаламзорлаштириш мақсадида Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев бошчилигида 2025 йилги саксовул экиш мавсуми бошланди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Аралбойы аймағында жасыл қапламаларды пайда етиў бойынша быйылғы жылғы жумыслар баслап жиберилди

Оролбўйи ҳудудида яшил қопламалар барпо этиш бўйича жорий йилги ишлар бошланди


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
«Жаслық» посёлкасында жаңа көп қабатлы турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылды

Халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында бүгинги күнде оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Республикамызды социаллық, экономикалық жақтан раўажландырыў, мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, жаңа турақ жайларды қурыў ҳәм басқа да әмелий жумысларға Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Бүгин Қоңырат районындағы «Жаслық» посёлка пуқаралар жыйыны аймағында жаңа көп қабатлы турақ-жайлар пайдаланыўға тапсырылды.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев турғынларды жаңа үйлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.

Толық оқыў

«Жаслық» посёлкасида янги кўп қаватли уйлар фойдаланишга топширилди

Халқимизнинг фаровон ҳаётини таъминлаш борасида бугунги кунда жуда катта ишлар амалга оширилмоқда. Республикамизни ижтимоий, иқтисодий жиҳатдан ривожлантириш, маҳаллалар инфратузилмасини яхшилаш, янги уй-жойлар қуриш ва бошқа амалий ишларга Президентимизнинг Қорақалпоғистонга алоҳида эътибори мустаҳкам асос бўлиб хизмат қилмоқда.

Бугун Қўнғирот туманидаги «Жаслық» посёлка фуқаролар йиғини ҳудудида янги кўп қаватли уйлар фойдаланишга топширилди.

Унда Жўқорғи Кенгес Раиси Аманбай Орынбаев ҳудудда истиқомат қилувчиларни янги уйлар фойдаланишга топширилиши муносабати билан табриклади.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи

«Нөкис мәмлекетлик техника университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-25-санлы, 24.01.2025-ж.) тастыйықланды.

Қарарға муўапық, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы тийкарында Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи.

Санаат, техника-технология, инженерлик тараўлары ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў университеттиң тийкарғы ўазыйпаларының бири етип белгиленди.

Университетте Алдынғы инженерлик мектебиниң жумысы шөлкемлестириледи.

2025-2026-оқыў жылына шекем университетте тәжирийбе-өндирислик («спин-офф») кәрханасы шөлкемлестириледи.

2025-2026-оқыў жылынан:

– Университет студентлериниң пәнлерди өзлестириў көрсеткишин ҳәм профессор-оқытыўшылардың жумыс нәтийжелилигин халықаралық тәжирийбе тийкарында баҳалаў системасы енгизиледи.

– Әмиўдәрья инженерлик-технологиялар техникумында инженерлик тараўларындағы кәсиплер бойынша кәсиплик билимлендириў бағдарламаларында толық мәмлекетлик грант тийкарында орта буўын кадрларын таярлаў жолға қойылады.

Ҳәзирги ўақытта билим алып атырған барлық студентлер оқыўын университетте даўам еттиреди ҳәм питкериўши курс студентлерине белгиленген тәртипте университет дипломы бериледи.

Нукус давлат техника университети ташкил этилади 

“Нукус давлат техника университетини ташкил этиш тўғрисида”ги Президент қарори (ПҚ-25-сон, 24.01.2025 й.) тасдиқланди. 

Қарорга кўра, Навоий давлат кончилик ва технологиялар университети ҳузуридаги Нукус кончилик институти ҳамда Тошкент ахборот технологиялари университети Нукус филиали негизида Нукус давлат техника университети ташкил этилади. 

Саноат, техника-технология, муҳандислик соҳалари учун олий маълумотли мутахассислар ва илмий-педагогик кадрлар тайёрлаш, қайта тайёрлаш ҳамда уларнинг малакасини ошириш университетнинг асосий вазифаларидан бири этиб белгиланди. 

Университетда Илғор муҳандислик мактаби фаолияти ташкил этилади. 

2025/2026 ўқув йилигача университетда тажриба-ишлаб чиқариш (“спин-офф”) корхонаси ташкил этилади. 

2025/2026 ўқув йилидан: 

– Университет талабаларининг фанларни ўзлаштириш кўрсаткичини ва профессор-ўқитувчиларнинг фаолият самарадорлигини халқаро тажрибалар асосида баҳолаш тизими жорий этилади. 

– Амударё муҳандислик-технологиялар техникумида муҳандислик соҳаларидаги касблар бўйича касбий таълим дастурларида тўлиқ давлат гранти асосида ўрта бўғин кадрлари тайёрлаш йўлга қўйилади. 

Ҳозирда таҳсил олаётган барча талабалар ўқишини университетда давом эттиради ва битирувчи курс талабаларига белгиланган тартибда университет дипломи берилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Әмиўдәрья районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша ўазыйпалар бөлистирилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Әмиўдәрья районын комплекс раўажландырыў бағдарындағы әмелге асырылыўы тийис жумысларға арналған мәжилис өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, республика, қала ҳәм районлардың сектор басшылары ҳәм барлық мәкеме-шөлкем жуўапкерлери қатнасты.

Өткерилген мәжилисте районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың кеўил-кейпиятына тәсир етип атырған мәҳәллелердеги инфраструктуралық, социаллық ҳәм басқа да машқалаларға шешим табыў, исбилерменликти еле де раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди. 

Быйылғы жылы ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен Әмиўдәрья районында социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ушын мәмлекетлик ҳәм басқа да бағдарламалар тийкарында жәми 86 объектке улыўма 537,4 млрд.сум қаржы ажарытылыўы режелестирилгени, усы тийкарда көплеген машқалалар өз шешимин табатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен үлкен қанаатланыўшылық пенен тилге алынды.

Мәжилисте ҳәр бир басшы өзинине бириктирилген ўазыйпаға айрықша жуўапкершилик пенен қараўы кереклиги, халық ийгилиги жолындағы бул жумыслар пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет ететуғынлығы айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, көп жыллар даўамында халықты қыйнап келген машқалалы мәселелерди унамлы шешиў, аўыр шараяттағы мәҳәллелерди абат етиў бағдарында әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы жумыслар белгиленип, барлық басшыларға ўазыйпалар бөлистирилди.

Амударё туманини ҳар томонлама ривожлантириш бўйича вазифалар белгиланди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев раислигида Амударё туманини комплекс ривожлантириш борасидаги амалга оширилиши лозим бўлган ишларга бағишланган мажлис ўтказилди.

Унда Ўзбекистон Республикаси Президентининг маслаҳатчиси Т.Худайбергенов, Вазирлар Кенгаши Раиси Ф.Эрманов, республика, шаҳар ва туманлар сектор раҳбарлари ҳамда барча идора-ташкилот мутасаддилари иштирок этди.

Ўтказилган мажлисда туманни ижтимоий-иқтисодий ривожлантириш, аҳоли кайфиятига таъсир этаётган маҳаллалардаги инфратузилма билан боғлиқ, ижтимоий ва бошқа муаммоларга ечим топиш, тадбиркорликни янада ривожлантириш каби долзарб масалалар ҳақида сўз юритилди.

Жорий йилда ҳурматли Президентимизнинг алоҳида эътибори билан Амударё туманидаги ижтимоий ва инфратузилма объектларида қурилиш-таъмирлаш ишларини олиб бориш учун давлат ва бошқа дастурлар асосида жами 86 та объектга жами 537,4 миллиард сўм маблағ ажратилиши режалаштирилгани, шу асосда кўплаб муаммолар ўз ечимини топиши Жўқорғи Кенгес Раиси томонидан катта мамнуният билан қайд этилди.

Мажлисда ҳар бир раҳбар ўзига юклатилган вазифага алоҳида масъулият билан ёндашиши кераклиги, халқ манфаати йўлидаги бу ишлар фуқароларнинг фаровон ҳаётини таъминлашга хизмат қилиши алоҳида таъкидланди.

Шунингдек, кўп йиллар давомида аҳолини қийнаб келган муаммоли масалаларни ижобий ҳал этиш, оғир аҳволдаги маҳаллаларни обод қилиш борасида амалга оширилиши лозим бўлган асосий ишлар белгиланиб, барча раҳбарларга вазифалар тақсимланди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Әмиўдәрья районында кең көлемли абаданластырыў жумыслары басланды

Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Әмиўдәрья районында мәжилис өткерилип, аймақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў, мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынған еди.

Усы күнниң өзинде топырақ жолларды қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў, кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бағдарындағы әмелий жумыслар баслап жиберилди.

Атап өтиў орынлы, усы жылдың өзинде райондағы жазда қум-шаң, жаўынлы күнлерде ылайы менен халықты қыйнап келген жәми 107 км топырақ жоллардың қум-щебень араласпалы жолларға айландырылыўы режелестирилген. Республикалық көлемдеги басшылардың қатнасыўында дәслеп «Тошқалъа» мәҳәллесинде басланған абаданластырыў жумысларын әмелге асырыўда арнаўлы техникалар, мәкеме-шөлкемлердиң хызметкерлери менен бирге Айрықша жағдайлар басқармасының хызметкерлери де мобилизация етилген.

Амударё туманида кенг кўламли ободонлаштириш ишлари бошланди

Бугун Жўқорғи Кенгес Раиси бошчилигида Амударё туманида мажлис ўтказилиб, ҳудудни ҳар томонлама ривожлантириш ва кенг кўламли ободонлаштириш ишларини олиб бориш, маҳаллалар инфратузилмасини яхшилаш ва бошқа қатор вазифалар белгилаб олинган эди.

Шу бугуннинг ўзида тупроқ йўлларни қум-шағал аралашмали йўлларга айлантириш, кенг кўламли ободонлаштириш ишларини олиб бориш борасидаги амалий ишлар бошлаб юборилди.

Таъкидлаш жоизки, жорий йилнинг ўзида тумандаги ёзда қум-чанг, ёмғирли кунларда лой билан аҳолини қийнаб келган жами 107 км тупроқ йўллар қум-шағал аралашмали йўлларга айлантирилиши режалаштирилган. Республика миқёсидаги раҳбарлар иштирокида дастлаб Тошқалъа маҳалласида бошланган ободонлаштириш ишларини амалга оширишда махсус техникалар, идора-ташкилотлар ходимлари билан бирга Фавқулодда вазиятлар бошқармаси ходимлари ҳам сафарбар қилинган.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
2025/02/06 17:30:39
Back to Top
HTML Embed Code: