Warning: Undefined array key 0 in /var/www/tgoop/function.php on line 65

Warning: Trying to access array offset on value of type null in /var/www/tgoop/function.php on line 65
- Telegram Web
Telegram Web
Forwarded from Abdirazaq Dawletmuratov
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Болып турады урыс қарыс деген турмыста
Таяқ жеп келип байынан тәрбияшы жумысқа
Алған болса ашыуын нәрестелерден
Тас боран етиу керек бундайға тумтуста(н)
Forwarded from ГулиМария 💐
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Тема: БАҚША АПА БАЛАЖАНЛЫ БОЛАДЫ ТӘРБИЯЛЫ БОЛСЫН ТӘРБИЯШЫЛАР Ассалаўма әлейкум әзийз әдебият шайдалары, ҳәўескер қәлемлеслер, топарымыз ағзалары ҳәм айтыскер қәўим! Кеўиллериңизге илҳам уяласын. Сизлерден қызғынлы айтыс, дегишпе ҳәм дөретпелериңизди күтип…
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Тәрбиялы болсын тәрбияшылар.

Азар бермең нәрестениң жүрегине.
Меҳриңиз аямаң керегинше.
Тәрбиялы болсын тәрбияшылар.
Шапалақ урмаң ҳасла жүзлерине.

Жүзлериңиз түнермесин бүрисип.
Турсын сизди көрсе жүзи жибисип.
Тәрбиялы болың бақша апасы.
Аўзыңыздан сөз шығармаң. иритип.

Тәрбияшы деген барғой атыңыз.
Ҳәмде ҳаял сизиң ҳаслы затыңыз.
Бақша апа балажанлы болады.
Есиң барда бул жолыңнан қайтыңыз.😔😔

ГулиМария.
7--02--2025
Forwarded from Жахан
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Тема: БАҚША АПА БАЛАЖАНЛЫ БОЛАДЫ ТӘРБИЯЛЫ БОЛСЫН ТӘРБИЯШЫЛАР Ассалаўма әлейкум әзийз әдебият шайдалары, ҳәўескер қәлемлеслер, топарымыз ағзалары ҳәм айтыскер қәўим! Кеўиллериңизге илҳам уяласын. Сизлерден қызғынлы айтыс, дегишпе ҳәм дөретпелериңизди күтип…
Бақша апа , мени урмашы ,
Тапочка менен басыма салмашы.
Печенье жегим келип тур ,
Уголға қақайтып қоймашы.
Депте периштем айталмады ,
Қарны тойып , ауқатта жей алмады.
Таяқ аздай , тепки жеп ,
Қулынымау қамақта жаны қыйналды.

Көзлер жасланды видеоны көрип ,
Қалай басшы қойды ерикти берип.
Ҳүждан , ийман қайда кетти?
Баланы бераламызба тётяға исенип?

( ашынарлы жағдай😢)
Forwarded from Парахат @@@@@@
Периште екенин билемиз сирә,
Балаларды урыў ең аўыр гүна.
Буны адам деўге тилим бармайды,
Ҳарамнан туўылған өләдизина.

Ертеңги келешек балаларымыз,
Өссин қорлық көрмей даналарымыз.
Муңлы көзи менен бақпасын бизге,
Қырағы болайық асқар таўымыз.
Forwarded from Кактус
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Тема: БАҚША АПА БАЛАЖАНЛЫ БОЛАДЫ ТӘРБИЯЛЫ БОЛСЫН ТӘРБИЯШЫЛАР Ассалаўма әлейкум әзийз әдебият шайдалары, ҳәўескер қәлемлеслер, топарымыз ағзалары ҳәм айтыскер қәўим! Кеўиллериңизге илҳам уяласын. Сизлерден қызғынлы айтыс, дегишпе ҳәм дөретпелериңизди күтип…
Сол баяғы биз жасаған заманда,
Бақша болды биз жасаған таманда,
Бақша апаға таслап анам ислеген,
Бөпесине енди 56 күн болғанда.


Манный кәши берер еди бармақта,
Уйқлатып шайқар еди аяқта,
Биреулерин әткөншекте тербетип,
Жөргеклерди жууып дизер таяққа,

Ал бүгинги жетилискен заманда,
Нәрестеге деген мийрим қалғанба,
Тәрбияшы өзгерттирсин кәсибин,
Бир бәлеге ушырамай турғанда

Венера.
КЕЎНИМЖАЙ МӘМБЕТНИЯЗОВ ҲӘМ ГУЛЗАР ҚУРБАНБАЕВА АЙТЫСЫ
АЙТЫС ТЕМАСЫ: САҒАН НЕ КӨРИНДИ БҮГИН ЗАМАНЛАС
САҒАН НЕ КӨРИНДИ БҮГИН ЗАМАНЛАС

Баратқан бағытқа түсинбей турман,
Не айтарым билмей мүсиндей турман,
Саған не көринди бүгин заманлас,
Көз көрип турсада исенбей турман.

Таслап орамалды шашты жайыпсаң,
Елдиң дәстүринен шетке тайыпсаң,
Саған не жаў тийди бүгин заманлас,
Тынық минезиң жоқ, бираз ылайыпсаң.

Турар еди орамалың жарасып,
Ҳәўес етер еди қызлар қарасып,
Не аўыры тийди бүгин заманлас,
Шаш жайған нашарлар кеткен қаласып.

Кеунимжай Мамбетниязов
Forwarded from Гулзар Қурбанбаева
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
САҒАН НЕ КӨРИНДИ БҮГИН ЗАМАНЛАС Баратқан бағытқа түсинбей турман, Не айтарым билмей мүсиндей турман, Саған не көринди бүгин заманлас, Көз көрип турсада исенбей турман. Таслап орамалды шашты жайыпсаң, Елдиң дәстүринен шетке тайыпсаң, Саған не жаў тийди бүгин…
Не айтайын сениң мына сөзиңе,
Тийдирипсең гәптиң ушын өзиме,
Түймедейди түйе етпе заманлас,
Бәри бирдей көринбесин көзиңе.

Арасында шаш буйралап тойларда,
Азлы кемли сән беремиз бойларға,
Сондай гезде көзиң шалса заманлас,
"Жаман" деген берилме сен ойларға.

Дәўир талабы деп түсинсең нетти,
Ҳәр сөзиң тебендей жүйкемнен өтти,
Кеўилиңе ала берме заманлас,
Баяғы "бас ораў" келмеске кетти.

Саҳра гүли🌷
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Не айтайын сениң мына сөзиңе, Тийдирипсең гәптиң ушын өзиме, Түймедейди түйе етпе заманлас, Бәри бирдей көринбесин көзиңе. Арасында шаш буйралап тойларда, Азлы кемли сән беремиз бойларға, Сондай гезде көзиң шалса заманлас, "Жаман" деген берилме сен ойларға.…
Жасларға өрнек бол десем ылайтпай,
Түймедей зат депсиз, пикирден қайтпай,
Гәптиң пос геллесин бүгин заманлас,
Бетке айтып салдым сыртыңнан айтпай.

Шаш жайып ойнайсыз тойларда көрсем,
Көкирегиңди ашып болдыңба зор сен,
Ҳаял булдыўласа ерси заманлас,
Сизлерден аўыспай баратыр нөлсем.

Дәўир усыларды исле деп турма,
Дәўирди айыплап өзиңнен бурма,
Кеўилиме мен алдым бүгин заманлас,
Миллийлик енди жоқ, деп гәпти урма.
Forwarded from Гулзар Қурбанбаева
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Жасларға өрнек бол десем ылайтпай, Түймедей зат депсиз, пикирден қайтпай, Гәптиң пос геллесин бүгин заманлас, Бетке айтып салдым сыртыңнан айтпай. Шаш жайып ойнайсыз тойларда көрсем, Көкирегиңди ашып болдыңба зор сен, Ҳаял булдыўласа ерси заманлас, Сизлерден…
Ылайтқандай не ислеппиз жасларға?
Осма сүрткен айыбымыз қасларға,
Самалласақ анда-санда заманлас,
Қара бултты үйе бермеш басларға.

Бари бирдей сүйе бермес шарапты,
Бийәдеплер "көкирек"ке қарапты,
Алды бурын нәпсиңди тый заманлас,
Сизлер зорлап иштиресиз арақты.

Миллийликти жоқ деўден мен аўлақпан,
Бар сендейлер гәпти бурып ғаўлатқан,
Тағып жүрмиз орамалды заманлас,
Жарастырып жап-жас  келиншек ўақтан.

Саҳра гүли 🌷
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Ылайтқандай не ислеппиз жасларға? Осма сүрткен айыбымыз қасларға, Самалласақ анда-санда заманлас, Қара бултты үйе бермеш басларға. Бари бирдей сүйе бермес шарапты, Бийәдеплер "көкирек"ке қарапты, Алды бурын нәпсиңди тый заманлас, Сизлер зорлап иштиресиз арақты.…
Қасқа сүрткен татуажба, осмама,
Кирпиклериң тәбийғыйма, қоспама,
Жасалманың зыяны көп заманлас,
Деген сайын үрдис болар басқаға.

Дурыс, жигитлерде барар суйылып,
Аўзыңа тақайды жүдә қыйылып,
Иш дегенди гәптен утсаң заманлас,
Қалмаспеди үнине суў қуйылып.

Ашық киймең десем енди албырап,
Депсиз бийәдепсиз жүриз көп қарап
Көрмейин деп жерге бақсам заманлас,
Аппақ балтыр көзге түсер жалтырап.
Forwarded from Гулзар Қурбанбаева
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Қасқа сүрткен татуажба, осмама, Кирпиклериң тәбийғыйма, қоспама, Жасалманың зыяны көп заманлас, Деген сайын үрдис болар басқаға. Дурыс, жигитлерде барар суйылып, Аўзыңа тақайды жүдә қыйылып, Иш дегенди гәптен утсаң заманлас, Қалмаспеди үнине суў қуйылып.…
Өз басым мен шегарадан аспадым,
Моданың да еңсесинен баспадым,
Жағым талмай қайталайын заманлас,
Қойса көпке топырақты шашқаның.

Нашар халқы дым қайым ба өсекке?
Қашан көрсең төтеп берер "кесек"ке,
Жигитлер бар арамызда заманлас,
Ҳаяллардан жаман "еркек"десек те.

Қысқа көйлек шенде-шени кийеди,
Солар себеп гәп бизге де тийеди,
Пасық нийети бар жигит, заманлас.
Узын көйлек кийсеңдағы "ийеди".

Саҳра гүли 🌷
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Өз басым мен шегарадан аспадым, Моданың да еңсесинен баспадым, Жағым талмай қайталайын заманлас, Қойса көпке топырақты шашқаның. Нашар халқы дым қайым ба өсекке? Қашан көрсең төтеп берер "кесек"ке, Жигитлер бар арамызда заманлас, Ҳаяллардан жаман "еркек"десек…
Өз басым деп, өзиңе кир жуқтырмай,
Топрақ шашпа дейсең гәптен туттырмай,
Өз басым деп баратырмыз заманлас,
Жас әўладқа тәрбияны уқтырмай.

Жынысы жоқ бүгинги күн өсекте,
"Гендер теңлик" - өткенлер көп өсекке,
Ашық шашық кийингенди заманлас,
Нәпси бузық тартсам дейди төсекке.

Мына бала мийимди жеп геўледи,
Деп жүрмеңиз қатыншалап сөйледи,
Жыртық джинси қалай мода заманлас,
Турғанында халқымның көк көйлеги.
Forwarded from Гулзар Қурбанбаева
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Өз басым деп, өзиңе кир жуқтырмай, Топрақ шашпа дейсең гәптен туттырмай, Өз басым деп баратырмыз заманлас, Жас әўладқа тәрбияны уқтырмай. Жынысы жоқ бүгинги күн өсекте, "Гендер теңлик" - өткенлер көп өсекке, Ашық шашық кийингенди заманлас, Нәпси бузық тартсам…
Берип жүрмиз керек жерде ақылды,
Ата- баба айтқан қосып нақылды,
Сен, мен демей тәрбияласақ заманлас,
Қуртқа жем қылмас-ек нәўше дақылды.

Үш- төрт еркек басын қосып жайғасар,
Қаңғыў гәпи қызып, жолды байласар,
Тап қызындай қыз өтсе де көшеден,
Көзи менен ишип жеп, "пай-пайласар"

Қолламайман мен де жыртық кийгенди,
Айтамыз деп, көрдик қабақ үйгенди,
Гүриште де гүрмек болар заманлас,
Ҳәмме кийе бермес кеўлиң сүйгенди.

Саҳра гүли 🌷
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Берип жүрмиз керек жерде ақылды, Ата- баба айтқан қосып нақылды, Сен, мен демей тәрбияласақ заманлас, Қуртқа жем қылмас-ек нәўше дақылды. Үш- төрт еркек басын қосып жайғасар, Қаңғыў гәпи қызып, жолды байласар, Тап қызындай қыз өтсе де көшеден, Көзи менен…
Аўыз бенен айтыў аңсат ақылды,
Мәнисин түсинбей ядлап нақылды,
Биринши өзиңнен басла заманлас,
Ҳақ гәп жақпай етебермей қақылды.

Еркекке сын айттың бирден думалап,
Әттең сөйтер еркеклерде суўмаңлап,
Бир қазан май ширип кетер заманлас,
Түсип қалса ишине бир қумалақ.

Европадан кирип келер шамасы,
Инстаграмнан көрген жетпей санасы,
Ҳәмме жерин ашқан қыз көп заманлас,
Жоқпекен олардың ата-анасы.
Forwarded from КАХНУС
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
САҒАН НЕ КӨРИНДИ БҮГИН ЗАМАНЛАС Баратқан бағытқа түсинбей турман, Не айтарым билмей мүсиндей турман, Саған не көринди бүгин заманлас, Көз көрип турсада исенбей турман. Таслап орамалды шашты жайыпсаң, Елдиң дәстүринен шетке тайыпсаң, Саған не жаў тийди бүгин…
Орамалды тартып алып еркеклер,
Өзлеринше қатынзатқа еликлер.
Солар-ақ тартсын деп орамалымды,
Жалаң бас жүриппен солай көрик деп.

Узын көйлек кийип ҳәтте бирлери,
Көрдик еркектиң де "бөксе дирр"-лерин.
Солардур ылайтып жүрген тынықты,
Бузып жүрген елдиң салт-дәстүрлерин.

Сырғамызды тақты базы еркеклер,
Шашларын узын қойып бизди ермеклер.
Тақыя киймейди шашын тықырлап,
Бармақларын безер ҳәтте жүзиклер.

Сыйрағы сыйраңлап балағы келте,
Айтыўға болмайды тап кийим депте.
Солардың жанында меники ҳеш гәп,
Ҳаялман шаш узын, ақылы келте ...
Forwarded from Гулзар Қурбанбаева
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Аўыз бенен айтыў аңсат ақылды, Мәнисин түсинбей ядлап нақылды, Биринши өзиңнен басла заманлас, Ҳақ гәп жақпай етебермей қақылды. Еркекке сын айттың бирден думалап, Әттең сөйтер еркеклерде суўмаңлап, Бир қазан май ширип кетер заманлас, Түсип қалса ишине бир…
Дым шүйлигип алғандайсаң өзиме?!
Жуўап бермей жантаспайман сөзиме,
Мәнисин түсинбей,депсең заманлас,
Көрсетейин сениңғана көзиңе.

Минимиз жоқ десең айт қәне тақлап,
Жүдәма отырмай намысын ақлап,
Түсинсеңиз бир нақылды заманлас,
Қатын жүрмес еди сырт елде ҳақлап.

Бизлер Ана болсақ,сизлер Атасыз,
Өрнек болып интернетте жатасыз,
Қай бирине болайық биз, заманлас,
Басыңызға тийгенде үн қатасыз.

Саҳра гүли 🌷
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Орамалды тартып алып еркеклер, Өзлеринше қатынзатқа еликлер. Солар-ақ тартсын деп орамалымды, Жалаң бас жүриппен солай көрик деп. Узын көйлек кийип ҳәтте бирлери, Көрдик еркектиң де "бөксе дирр"-лерин. Солардур ылайтып жүрген тынықты, Бузып жүрген елдиң салт…
Ашыўланып апа айтпаң ертекти,
Тийдиргенсоң тартпайсызба сергекти,
Сиз таслаған ормалды ораған,
Қарақалпақта көрмедим бир еркекти.

Юпка кийген еркек ақлы зайылды,
Көп ҳаялдың шашы бирақ жайылды,
Байы өлсе шашын жайған бурында,
Бул дәстурлер не себептен шайылды.

Сырғаңызды таққан болса Сигандур,
Шаш өсирсе ақлы кирип қыйғандур,
Тақыяны киймес әттең көпшилик,
Бизди оқып бәлким есин жыйғандур.

Шынлық айтсам көпке тийип кетипти,
Өзин ақлап, бизди айыплы етипти,
Шашы узын, билсе ақыл келтесин,
Дурыс иним деп қойғанда нетипти.
ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Дым шүйлигип алғандайсаң өзиме?! Жуўап бермей жантаспайман сөзиме, Мәнисин түсинбей,депсең заманлас, Көрсетейин сениңғана көзиңе. Минимиз жоқ десең айт қәне тақлап, Жүдәма отырмай намысын ақлап, Түсинсеңиз бир нақылды заманлас, Қатын жүрмес еди сырт елде…
Яғай солай көрингендә көзиңе,
Қапа болып аўырып қалмаң сөзиме,
Елимизде ондайлар көп заманлас,
Дурысын айтсаң кесек атар өзиңе.

Жоқ деп айталмайман әттең минимиз,
Қытшылықта ушыраған күнимиз,
Еркек жатып ҳаял ислер заманлас,
Бундайға жол қоймасада динимиз.

Отырмайық бир биреўге мин тағып,
Тыңлайық сөзлерди мәнисин шағып,
Кеш қап айтсақ ақылымызды заманлас,
Ертең жибермейме басымызға жағып.

Рахмет айтыс ушын, саў болың Саҳра гүли.
Forwarded from Гулзар Қурбанбаева
Жаман деген менен жақсысын бермес,
Тәрбиясы дүзиўи жаман ға ермес,
Көтерипсиз зор теманы, заманлас,
Гәп ийесин тапса, қасларын кермес.

Ҳаялы да,еркеги де бендемиз,
Бир күн ерип тамам болар сеңдемиз,
Тойып,тоңып секиргени заманлас,
Баратуғын Ҳақ алдында,теңдемиз.

Заман ағымында бир батып, жүзип,
Жүрсек те қоймаған үмитти үзип,
Жақсылар көп арамызда  заманлас,
Жазып таўсалмастай қағазға дизип.

Әжайып айтыс ушын сизге де рахмет Кеўнимжай 🙏🤝
2025/02/15 12:42:31
Back to Top
HTML Embed Code: