Warning: Undefined array key 0 in /var/www/tgoop/function.php on line 65

Warning: Trying to access array offset on value of type null in /var/www/tgoop/function.php on line 65
39980 - Telegram Web
Telegram Web
Forwarded from Aзамат Бекназаров
Топарым көп, бул топарға бар бирақ
Өзгеше бир кеуилимниң жылыуы
Дилфуз етти хәммени бир шаңарақ
АЙТЫСЫМНЫҢ СӘРДАР, ҒАЙБАР СУЛЫУЫ.

Болғаннан соң айтыскерлер тиреги
Тил биригер баз... биреулер жынайы
Артар қайта абонентиң, себеби
ХАҚ КЕУИЛСЕҢ, ҒАЙРАТКЕРСЕҢ ПИДАЙЫ.

Бул топарды басқаратын бийиниң
Өз алдына хүрмети бар, иззети
ЖАН КҮЙЕР СӘНЕМИ АЙТЫС ҮЙИНИҢ
Владелец Дилфузаның хызмети.

Дипуж тууылған күниңиз бенен. Жасыңызға жас қосыла берсин.
Forwarded from Нызамаддин
Елге тийер саўап иске түйинген
Жоқтан таўып имкан, тынбай күйинген
Хызметиңе көплер разы сүйинген
Топарлар сәрдары арыў Дильфуза

Ҳақ кеўилли ғайраткерсең пидайы
Қолға алған исиң өрлер удайы
Қайтпас қайсар, киби батыр Гүлайым
Журтымның жанкүйер қызы Дильфуза

Айтарлықтай әмелиң көп санаса
Туўын туттың айтысымның жаңаша
Қарақалпақ бир қызына жараса
Қатарға қосқандай атың Дильфуза

Хызметлериң қанша, сахна артында
Аянбайсаң, бийминнетсең бәрқулла
Мийрасымыз даңқын еле артыўда
Тоқтамас, талапшаң қызсаң Дильфуза

Қоллаўшыңыз бәрҳә тәңир ҳақ болып
Ығбал жанып басыңызға бақ қонып
Жасыңа жас минип кеўил шад болып
Жүребериң жыллар аса Дильфуза

Дипуж туўылған күниңиз қутлы болсын🎉🎉🎉💐💐💐
Жақсылықлардың бәрин тилеп қалыўшы Нызамаддин
Forwarded from 🌹🌹🌹🌹🌹
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Өмир жолдасыңның бол Қуяшы Айы.
Қәлб төринде болғай мәңгилик жайы,
Ҳәм шаңарақ топар ҳәм ис жүзинде,
Ҳақ кеўилсең, ғайраткерсең пидайы.

Ҳүрметли Сулыў Дипуж
туўылған күниң кутлы мубарек болсын.
🌹🌹🌹🌹🌹
Forwarded from 🌷 SAKHRA GULI 🌷
"Қарақалпақ айтысы" топарының бас админкасы ҳәм жанкүйери Дильфуза  Сержанова сиңлимиздиң туўылған күнине

Қутлықлаў 🎂

Халық ишинен излеп, желип- жуўырып,
Алдың бираз ҳәўескерди суўырып,
Сен баслаған айтыс кәрўан бул күнде,
Жүрип келер, жол танабын қуўырып.

Жас үлкенге ҳүрмет, кишиге иззет,
Көрсетип, миннетсиз қылдың көп хызмет,
-Бәрекелла! десе арқаңнан қағып,
Мен емес, жетистик ҳәммемиз <биз>деп.

Ийбеңнен айландым көплерге өрнек,
Танымасқа әрман ай жүзиң көрмек,
Дүньяға келсеңде қыстың күнинде,
Буйырсын ҳәр бәҳәр гүллерин термек.

Ҳақ кеўилсең, ғайраткерсең пидайы,
Пал ҳәрредей тыным таппас удайы,
Мақсет, нийет жетелеген жолларда,
Тилеўиңди бергей Тәңир Қудайым.

Айтысымның сәрдар, ғайбар сулыўы,
Үйлескен көз бенен кеўил жылыўы,
Қутлықлап туўылған күниңиз бенен,
Тилеймен тек бахыт тартық қылыўын.  😘💐🎂🥳

Ҳүрмет пенен Саҳра гүли 🌹
29.01.2025.
Forwarded from Kazakbay
Айтысымның сәрдар,ғайбар сулыуы.

Қосайын деп хәуескерлердиң басын.
Аямаған бар уақтын,бар ықласын.
Алып жүре бериң халық дууасын!
Айтысымның сәрдар,ғайбар сулыуы.

Сыйлайды жас үлкен,қатары,жасы.
Мобилограф фотомонтаж устасы.
Жанында админлер,өзи көшбасы.
Айтысымның сәрдар,ғайбар сулыуы.

Қәуендерлер тауып таңлау өткерер.
Кемис-қутық жерин өзи питкерер.
Қәлемлердиң ысылғанын еп көрер.
Айтысымның сәрдар,ғайбар сулыуы.

Толық қәдди-қәумет сазан яңлы да.
Хәр бир сөзиң бизге тема,заңлы да.
Дуутар услап орын алсам жанлыда.
Хызметиң жемиси Айтыс жылжыуы.
Айтысымның сәрдар,ғайбар сулыуы.

Қазақбай Пирманов қәлеминен каналымыздың теңиз көз админкасы Дильфуза Сержанова хүрметине.
Forwarded from БАЙРАМ
Forwarded from БАЙРАМ
БАЙРАМ К.

ҚАРАҚАЛПАҚ ҚАЙШЫЛЫ ҚЫЗ УРЫЎЫ,
КӨПКЕ ҮЛГИ ЖОЛ КӨРСЕТИП ТУРЫЎЫ,
ТУЎЫЛҒАН КҮН ҚУТЛЫ БОЛСЫН Д И Л Ь Ф У З А,
АЙТЫСЫМНЫҢ СӘРДАР, ҒАЙБАР СУЛЫЎЫ.


РАНО Х.

Жан тәниме тарап турар жылыўы,
Өзгеше өзгеден бүйир бурыўы,
Туўылған күн қутлы болсын Д И Л Ь Ф У З А,
Айтысымның сәрдар ғайбар сулыўы.


БАЙРАМ  К.

ЕЛ ХАЛҚЫМ ДЕП ТЫНЫМ БИЛМЕС УДАЙЫ,
ЖАН КҮЙДИРЕР АЙТЫСЫМ ДЕП ШЫНАЙЫ,
ҚАТАРЫҢНАН АЛДА БОЛЫП ЖҮРЕ БЕР,
КЕЎИЛИҢ ПӘК ҒАЙРАТКЕРСЕҢ ПИДАЙЫ.


РАНО  Х.


Әўмет несийбеңди берген қудайы,
Гүләйым Гүлпаршын мегзес шырайы,
Айтысымды алға қарай баслай бер,
Кеўилиң пәк ғайраткерсең пидайы.


БАЙРАМ  К.


МИСЛИ БУЛАҚ КИБИ ТАСЫП МИЙИРИҢ,
ТАЎЫП ЖЫЙДЫҢ ТАЛАНТЛЫЛАР ҮЙИРИН,
ЕЛИҢ БИЛЕР МИЙНЕТИҢДИ ЕЛЕЎЛИ,
ЖАН КҮЙЕР СӘНЕМИ АЙТЫС ҮЙИНИҢ.


РАНО  Х.


Жаратқанның инәм етер сыйы мың,
Миллий нағыш жарасықлы кийимиң,
Жетекледиң айтысымды жети жыл,
Жан күйер сәнеми айтыс үйиниң.


БАЙРАМ  К.


ЖҮЗДЕН ЖҮЙРИК ЖЕТЕР ТУЛПАРСАҢ ҚУЎСА,
ҚУЎАНЫШ ҚОС ҚОСТАН ҚОСЫП БИР ЖУЎСА,
КӨП ТИЛЕГИ ҚАБЫЛ ДЕГЕН МӘНЗИЛГЕ,
МЕДАЛЫҢ МҮБӘРЕК БОЛСЫН Д🌷И🌷Л🌷Ь🌷Ф🌷У🌷З🌷А.


РАНО  Х.

Төбемде тәңирим қолласып турса,
Қуўаныш бул айың оңынан туўса,
Таныла бер туркий халық еллерге,
Медалың мүбәрек болсын Д🌺И🌺Л🌺Ь🌺Ф🌺У🌺З🌺А.


Туўылған күн ийеси Дильфуза  хан!

Ең жақсы тилеклери менен

БАЙРАМ КАЛМУРАТОВ ҲӘМ РАНО ХОЖАМУРАТОВА.
Forwarded from Козмоншак
Қәлемимди қайрап ерсили-қарсылы,
Парнас атым сүймес урсам қамшыны,
Бардур қарақалпақ бир қыз қайшылы,
Жанкүйер сәнеми айтыс әлемниң.

Турмыс оны елегинде еледи,
Бундай гөззал мың жылда бир келеди,
Мудам тыным таппай шаўып-желеди,
Жанкүйер сәнеми айтыс әлемниң.

Шықса тақыясына гүлпөпек тағып,
Ғошшақлар аҳ урар,таңлайын қағып,
Фольклор ушын бәрҳа жанын жүр жағып,
Жанкүйер сәнеми айтыс әлемниң.

Журт ардақлап тақты көкирек нышан,
Мәрт жаўансаң дана,қыялы ушан,
Бола берсин жүзиң жарық-рәўшан,
Жанкүйер сәнеми айтыс әлемниң.

Ардақлы Дильфузаханым!Саған дүньядағы бар жақсы тилеклерди тилеймен.Халық ийгилигинде ҳармай-талмай,бәлент мәртебелерди қуша бергейсиз.🌷🌺🌷🌺🌷🌺🌷🌺🌷🌺

Ағаң-Бүлбүлзибан.

29.01.25.
Forwarded from ГҮЛ НУР
Қарекеңниң қызы ғайбар, пидәйы.
Бир истиң басында жүрген удайы.
Кеулиңдеги мәқсетиңе жеткергей.
Хәр қашан тилегиңди берип қудайым.

Тууылған күн кешеси қутлы келсин.
Алла саған тилеуиңди бәрха берсин.
Сен баслаған уллы жолға бирлик пенен.
Таланты бар халықтың көби ерсин.

@Dipuj ханым тууылған күниңиз қутлы болсын. Сизге ден саулық, бақ~дәулет, берекет тилеймен. Әлемдеги бар жақсылықты тилеймен. Күш~ғайратыңыз тасқынлап ислериңизге рауаж берсин. 🥰🥰🥰😘💐💐💐🎉🎁🎊🎂💯

ГҮЛ НУР
Forwarded from КАХНУС
Телеграм тармағындағы
"ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ"
топарының шөлкемлестириўшиси Дильфуза Сержанова ға

Қ🌺У🌺Т🌺Л🌺Ы🌺Қ🌺Л🌺А🌺Ў

Басын қосып гил ҳәўескер таланттың,
Қасындасаң ийгиликли талаптың.
Жан күйер сәнеми айтыс үйиниң,
Былай болмас десем зия тараттың.

Жатырғанды пәлек асты басылып,
Түрткиледиң талантларын асырып.
Айтыстың сәрдары, ғайбар сулыўы,
Аяққа турғыздың болмас, жасырып.

Жети жылдур талай дүркин дүрледи,
Биразлары шайыр болып гүрледи.
Алға қойған махсетиңниң биреўи,
Жазба айтыс жанлы болғай гүрр етип.

Айтыс пенен даңқың бирге тарасын,
Көп ишинде бол сәрдарлар дарасы.
Жаңлағанда Қарақалпақ айтысы,
Пүткил дүнья ҳәўес пенен қарасын.

@Dipuj Туўылған күниңиз қутлы болсын!
Сизге ден саўлық, узақ жас, өмирлик жолдасыңыз бенен бирге перзентлериңиздиң рәҳәтин көрип юахытлы өмир сүриң.

ГҮЛХАН НУРЫМБЕТОВА.
29 / 01 / 2025 - жыл.
Forwarded from Жахан
Жанкуйер сәнеми айтыс уйиниң ,
Қоллап , бәршеге бурады буйириң.
Айтыстың сардар , ғайбар сулыуы ,
Қутлы болсын бүгинги тууылған күниң.

Айтыста алдыңа адам салмадың ,
Қарсыластан изде қалмадың.
Тынып бир тыншымай ,
Жети жылда бир отпуска алмадың.

Сонлықтан Тайландқа путёвка алдым.
Почтадан адресиңе салдым.🎂🥂
Бахыт , денсаулык , жақсылық , әумет.
Сырттан тилеп қалдым.

ขออวยพรให้คุณพบเจอแต่ความสุขในเทศกาลพิเศษแบบนี้ ขอให้วันเกิดปีนี้เป็นวันที่ดีสำหรับคุณ!  สุขสันต์วันครบรอบ!
Дильфуза қутлыклау тайланд тилинде.
ДИПУЖ ХАНЫМНЫҢ ЮБИЛЕЙИНДЕ

Түс көриппен, бир кафеге киргенмен
Еки-үш жүз адам отыр кеминде
Не отырыс екен деп анықлап қарасам
Отыр екен Дилфуз ханым денинде

Айтыскерлер баса-бас йошып атыр
Дилбар апа гештекке сән қосып атыр
Азат аға қўй қәнекей деген уақта
Ол ишпейди деп қолларын тосып атыр
@Dilbarxan_Aytjanova
АЗАТ АЙТМАМБЕТОВ

Турған аға алып келген үлкен сауға
Букет пенен гүллердиң ең зорын таўған
Чартер рейс заказ етип Айдын ханым
Самолётта ушып келген Атыраудан
@Karlibaev Айдын 🎯

Дайы жийен етип атыр хәзил мазақ
Дайы көптә бирақ жийен өзи аз-ақ
Айландырып алып келген шаңарағын
Төрегүлин ертип келген Әбдиразақ
Abdirazaq

Биреўлери жақсы тостлар айтып атыр
Отырыстан кеўиллерин жай қып атыр
Узақлаудан келген қонақлардың
Биреўлери рухсат сорап қайтып атыр

Биреўлери көбирек ишип ушып кеткен
Биреўлери пыяңлардан қашып кеткен
Жәнибекпен Жийени Дуйсенбайдың
Кәйиплери сәл көбирек асып кеткен
@Janibekusenov Дүйсенбай Айтыс

Шығарыңлар мына жүрген пыяңды
Усласаңо Бек ажаға Зыяңды
Хәддес асып кетипти оған 🍾
Дилфуза ханымнын юбилейинде
(БекНазар Зыяда)

Солай етип қайттық бизлер тойды тойлап
Дилфузаға жақсылықтың бәрин ойлап
Жоқарыда азлы-кем ҳәзил қылдым
Қапа болмаң хҳәммесин мен айттым ойнап

@Dipuj ханым тууылған кун туўылған күнге улассын
ЕҢ ЖАҚСЫ ТИЛЕКЛЕРДИҢ ҲӘММЕСИ СИЗИҢ АДРСИҢИЗГЕ
Forwarded from ?
Хүрметли Дипужханым...
Бүгинги тууылған күниңиз қутлы болсын🥳💸

БЕК
🎤ЗИЯШ
Forwarded from Guldarixa Orazimbetova
Дипужға қутлықлау

Бул топардың тырысып сен арына
Зибан бердиң кеуиллердиң тарына
Қарақалпақ айтысына жан берип
Ийе болдың көптиң алғысларына

Айтыскердиң "ашылып гүл-шешеги"
Келсең болды...Бир жыллы леп еседи
Журтлар наққа хызмет етсе,сен-тегин
Әне буны ПИДАЙЫЛЫҚ деседи

Айдай жүзи тамсандырган әлемди
Мойынламас,ким өзиңдей сәнемди
...Кел,баурыма басып ғана елжиреп
Қутлықлайын,тууылған күн сәнеңди...
ТУӮЫЛҒАН КҮН МҮБӘРЕК.

Дилфузахан сени менде қоллайын,
Саған атап тилеклерди моллайын,
Ел қатары қутлықлаўды жоллайын,
Қарындасым туўылған күн мүбәрек!

Қатардан кем болмай қәдемди басыӊ!
Нийет етип бәрҳа шыңлардан асыӊ,
Қутлы болсын толған бүгинги жасыӊ!
Мәрт, сәрдар қыз туўылған күн мүбәрек!

Қуўаныштан күлимлесин жүзиӊиз,
Аман болсын уйиӊиз ҳәм дүзиӊиз,
Бахыт бағынан сулыў гуллер үзиӊиз,
Мәрт, сәрдар қыз туўылған күн мүбәрек!

Бугинги күн Тумариси өзиӊиз,
Хат ҳәм қәлем бизлер ушын сөзиӊиз,
Ғам көрмесин ҳеш қашанда көзиӊиз,
Мәрт, сәрдар қыз туўылған күн мүбәрек!

Саў болғайсыз қаракеӊниӊ ҳүр қызы,
Қыз сәрдары, есапланған дүр қызы,
Айтыслардыӊ жан ашыры, бир қызы,
Мәрт, сәрдар қыз туўылған күн мүбәрек!

29.01.2020-жыл
Ләблериң шийедей, көзлериң теңиз,
Қәдди-қәуметиңнен табылмас кемис.
Бүлбил хәуес етер, гүл шырайыңа,
Мәгар қыя бағып, назлы күлсеңиз.

Миллий мийрас ушын, қанатың талмай,
Қыйынлықты алдың, мойынға нардай.
Бунша пидайылық, шыдам, батырлық,
Қалай сыйды екен, бойыңа талдай?!

@Dipuj тууылған күниң менен қутлықлайман. Узақ өмир, беккем ден саулық, жумысларыңда табыслар, шаңарағыңа аманлық тилеймен.
Forwarded from Утепбергенова
Азанлы бери байқадым мен топардан
Бир сулыудың куни дейди туылған🥳🥳
Қызықсынып профилин қарасам
Жузи жыллы иман суу мен жуылған🥰

Көп қатарлы айтқым келер тилекти
Сөз шығарып айтып журек журектен
Өмириңиз толсын барха бахытқа
Жасыңызда асаберсин жузлерден
💐💐💐🥳🥳

Ассалаума алейкум хаммеге.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Топарымыз админкасына Самат Тулегеновтан қутлықлаў🎉🎉🎉
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Flash топарының солисты Тимурдан қутлықлаў🎉🎉🎉
2025/02/19 08:04:48
Back to Top
HTML Embed Code: