tgoop.com/QISQA_VIDEO/12709
Last Update:
⚡️ Тәлим кредитин алыў тәртиби
🔰Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 18-августтағы 527-санлы қарарына муўапық, тәлим кредити мәмлекетлик, меншик оқыў орынларына ҳәм сырт ел оқыў орынларының филиалларына күндизги, сыртқы ҳәм кешки формасына бакалавриат ҳәм магистратураға төлемли-контракт тийкарында оқыўға кирген ямаса оқыўын көширген Өзбекстан пуқараларына ажыратылады.
🚫 Кредит төмендеги жағдайларда ажыратылмайды:
🔻«супер контракт»ты төлеўге;
🔻сырт ел пуқараларына;
🔻пуқаралығы болмаған шахсларға.
💰Кредит ставкасы (проценти) – Орайлық банктың тийкарғы ставкасы (ҳәзирги күнде 14%). Бунда тийкарғы ставка азайса, кредит проценти де азаяды. Ал ставка көтерилсе, кредит проценти өзгерместен қалады.
❗️Ҳаял-қызлар ушын кредит процентсиз ажыратылады.
📆 Төлеў мүддети: кредит алынған ўақыттан баслап кредиттиң проценти төлеп барылады, ал кредиттиң тийкарғы бөлеги студенттиң оқыўы рәсмий тамамланған күннен кейинги жетинши айдан баслап 7 жыл даўамында қайтарылады.
♻️ Кредит алыўда студенттиң дәраматы бар болған шаңарақ ағзалары да биргеликте кредит алыўшы ретинде қатнасыўы мүмкин.
🏦 Тәлим кредитин ажыратыў бойынша мәмлекет 12 банк (Микрокредит банк, Асака банк, Агро банк, Халық банки, Ипотека банк, Қишлоқ қурилиш банк, Туран банк, Ориент финанс банк, Миллий банк, Ўзсаноатқурилиш банк, Хамкор банк, Алоқа банк) пенен шәртнама дүзген.
📝 Тәлим кредитин алыў ушын усы банклерге төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыў керек:
🔸арза;
🔸студент пенен оқыў орны арасында дүзилген шәртнама ҳәм оған қосымша есап бети (фактураси).
Шәртнамада оқыўдың жуўмақланатуғын ўақты ҳәм бир жыл ушын контракт пулының муғдары көрсетилиўи керек.
🔸гиреў шәртнамасы.
Кем тәмийинленген, «Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри”не кирген шаңарақ ағзаларынан гиреў ҳәм кепиллик соралмайды.
🔸“Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри”не киргенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
🔸биргеликте кредит алыўшы шахслардың ҳүжжетлери ҳәм мағлыўматлары;
🔸банктың ишки кредит сиясаты бойынша талап етилетуғын басқа ҳүжжетлер.
⏳ Банк арзаны 5 жумыс күнинде қарап шығып кредит ажыратыў ямаса ажыратпаў ҳаққында қарар қабыл етеди. Кредит шәртнамасы бир жылға дүзилип, кейинги жыллар ушын қосымша келисим дүзип барылады.
👉 Ең соңғы жаңалықлар
BY Қысқа видеолар 16+
Share with your friend now:
tgoop.com/QISQA_VIDEO/12709