tgoop.com/alberuniyuz/26118
Last Update:
Ҳикметлер
1. Шырасын күндизи жаққан адамның түни қараңғы болады.
2. Пулын бийкарға ысырап қылған адам аўыр күнлерде хор болады.
3. Мүтәж болмаған адамға садақа бериў ысырап есапланады.
4. Ысырап кеселлигине жолыққан миллет гүмансыз набыт болады. Егер дүнья тарыйхына нәзер салсаңыз дүньядағы қәўимлердиң набыт болыў себеплеринен бири усы ысырапкершиликтен.
Бахыллықтан узақ болың!
Мине әзизлер, неъматларды тежеп ислетиў лазым екенлиги, ысыраптан сақланыў кереклиги айтылды. Базы бир инсанлар тежеп ислетиўди бахыллық, ысырапты сахыйлық, деп түсинеди. Бул надурыс түсиник. Себеби тежеп ислетиў ҳеш қашан бахыллық есапланбайды.
Тежеп ислетиўши керексиз сарып-қәрежеттен сақланыўшы, тек ең керекли нәрселер ушын пул ҳәм басқа нәрселерди ислетиўши адам есапланады. Бахыл болса ең керекли орынларға да пул ислетиўди қәлемейди.
Тежеп ислетиў мақталған қәсийет. Бахыллық болса қараланады. Мине усы парықты жақсы ажыратып алың.
Және базы бир адамлар ысырап пенен сахыйлықтың орнын алмастырып жибереди.
Ысырап неъматларды бийкарға сарыплаў болып, әлбетте бул қараланған қәсийет.
Сахыйлық болса кеңпейиллик болып, пулды лазым болған муғдардан бираз көбирек сарыплаўды билдиреди.
Соныңдай ақ, қарыз алған адам қарызын төлеўге қыйналып қалғанда да оның мүддетин узайтырыў яки болмаса, қарызынан кешип жибериў де сахыйлыққа киреди. Сахыйлық зинҳар ысырап емес.
Сөзлик:
Қәсийет – сыпат, пазыйлет.
Бахыл – зықна, сықмар, биреўге бир нәрсесин де бермейтуғын.
Сахый – қолы ашық, сақаўатлы, ҳеш кимнен нәрсесин аямайтуғын.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Каналға ағза болың !