tgoop.com/el_xizmetinde/6862
Last Update:
Турақ жайлардың «снос»қа түскенин анықлаў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи
«Қурылыс тараўына тийисли бирден-бир ҳәкимшилик қурылыс регламентлерин тастыйқлаў ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.
Қарарға муўапық, төмендегилер бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлери тастыйқланды:
Имарат ҳәм объектлердиң сыртқы көринисин өзгертиўди келисиў;
Имарат ҳәм объектлердиң қәнигелесиўин өзгертиў, қайта қурыў, реконструкциялаў ҳәм өз аймағында қосымша имарат ҳәм объектлерди қурыўды жойбарластырыўға рухсатнама бериў;
Архитектуралық-жобаластырыў тапсырмасын ислеп шығыў;
Жойбарлық-сметалық ҳүжжетлерди келисиў;
қурылыс-монтаж жумысларын баслаў ушын объектти дизимнен өткериў;
Қурылыс-монтаж жумыслары жуўмақланған объекттен пайдаланыў ушын рухсатнама бериў;
көшпес мүлк бузылыўға түскен яки түспегенлиги ҳаққында мағлыўматнама бериў.
Усы тийкарда, атап айтқанда, имарат ҳәм турақ жайлардың бузылыўға түсиў жағдайы ҳаққында мағлыўматнама алыў ушын МХО яки БИМХПға мүрәжат етиледи.
⏳Мағлыўматнама алыў ушын арзалар БИМХП арқалы дем алыс ҳәм байрам күнлерине қарамастан, 24 саат даўамында жиберилиўи мүмкин.
🗓Мағлыўматнама 3 жумыс күнинде рәсмийлестириледи ҳәм арза бериўшиниң электрон адресине жиберилип, оған бул ҳаққында хабар бериледи.
@el_xizmetinde
BY "Ел хызметинде" газетасы
Share with your friend now:
tgoop.com/el_xizmetinde/6862