tgoop.com/paziyletuz/43926
Last Update:
Нәўбеттеги әмелий илаж Хожели районында ѳткерилди
Имам-хатиблердиң жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша әмелий иләж усы жылдың 23-январь күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Баҳрамаддин Разовтың басшылығында Хожели районында болып өтти.
Мақсет имам-хатибтиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм мешитти басқарыў бағдарларындағы жумысын жақыннан үйрениў, олар менен биргеликте үлгили иләжлар өткериў, оларға әмелий жәрдем ҳәм мәсләҳәтлер бериўден ибарат.
Исши топар ағзалары ҳәм имам-хатиблер өзлерине бириктирилген мәҳәллениң 100 ден аслам машқалалы шаңарақларына кирип, олардың ҳал-жағдайларынан хабар алды, сәўбетлести, пикир-усынысларын тыңлады. Ѳзгелер жәрдемине қатты зәрүр болғанларының материаллық тәмийнатынан хабардар болып турыў режелестирилди.
Сондай-ақ, топар ағзалары өзлерине бириктирилген «Пирим ийшан баба» ҳәм де «Муҳаммад Карим» мешитлеринде песин намазын оқып, жыйналған жәмәәтке «Тынышлық ҳәм қәтержамлық. Шүкиршилик. Жас әўлад тәрбиясы. Жат идеялар тәсиринен сақланыў. Миссионерликтиң жаман ақыбетлери. Ысырапгершиликтиң алдын алыў» усаған әҳмийетли темаларда баянатлар жасады.
Илаж соңында райондағы имам-хатиблердиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм мешит басқарыўындағы жумыслары қанаатланарлы деп табылды ҳәм олардың алдағы ўақыттағы жумысларына әўметлер тилеп, дуўалар қылынды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!