Терлеў, тер шығыўы – бул не? Ол қандай пайда болады?
Терлеў, тер шығарыў – организмди суўытатуғын физиологиялық механизмлердиң бири. Терлеўде суў-дуз балансы сақланады ҳәм тери жүзесинен тер ажыралады. Терлеў үзликсиз, тийкарынан, рефлектор тәризинде болады. Терлеў рефлекси рецепторлары тери, силекей перделер ҳәм булшық етлерде, терлеў орайы бас мий, гипоталамус, узыншақ ҳәм арқа мийде жайласқан.
Жоқары температурада аўыр мийнет етилгенде, терморегуляцияның әҳмийети үлкен. Ҳаўа температурасы жоқары болғанда терлеў организмди ыссылап кетиўден сақлайды. Адам тыныш турғанында температура нормал болғанда терлеў билинбейди, бирақ териден суўдың пуўланыўы ҳәм терлеў есабына сезилмейтуғын дәрежеде ығаллықтың жоғалыўы байқалады (организм бир күнде орта есапта 500 мл.ге жақын суў жойтады).
Қоршаған орталық температурасы көтерилиўи менен тер безлери ҳәм басқа безлер искерлиги күшейиўи есабына адам көп терлейди. Мәселен, 50° тан жоқары температурада 1 саатта 2 л.ге дейин тер шығады.

Жүрек қанша турады?
Ең қымбат орган – бул анық адам жүреги, соның ушын көпшиликти бул орган негизинде қанша турады деген сораў қызықтырады. Рәсмий мағлыўматларға қарағанда, жүрек 150-160 мың долларға баҳаланады. Трансплантация хирургиясы пүткил дүньяда жүдә қымбат процедура есапланады. Оның баҳасы клиниканың жайласқан орнына ҳәм оның ҳалатына байланыслы. Жәҳән рейтингине қарағанда, ҳәр жылы шыпакерлер тәрепинен өткерилетуғын бундай операциялар санына баҳа тәсир етеди. Трансплантация операциясы баҳасы 250 ден 370 мың долларға дейин.
Адам органларын сатыў мүмкин болмағанлығы себепли, трансплантация тек донор қайтыс болғанынан кейин, оның шаңарағы, жақынлары ҳәм досларының жазба разылығы тийкарында әмелге асырылады. Билип қойың, Жүрек әдеўир қымбат турады. Соның ушын жүректи сақлаң!

Микроблар ең көп болатуғын буйымлар
Пуллар – бул микроблардың мәканы. Бир қағаз пулда олардың саны бирнеше жүз мыңға жетиўи мүмкин. Жәмийетлик орынларда жайласқан есиклер ручкасындағы микроблар болса пулдағы микроблардан кем емес.
Улыўма аўқатланыў орынлары менюсы – миллионлап микроблардың уясы. Ҳәзирги күнде ең көп микроблар тасыўшы қурылма бул, әлбетте, қолдағы телефонымыз! Жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў ушын бул буйымларды услағаннан кейин, әлбетте, қолларыңызды жуўың!

Депрессия ма? Жақсылап терлеў керек!
Жаман кейпият ҳәм күшли стресс болғанда жақсылап терлеп, физикалық шынығыўлар менен шуғылланыў керек, дейди ҳиндстанлы алымлар. Белгили болыўына қарағанда, организм күшли терлегенде стресс гормонлары да шығып кетеди. Оның орнына кейпиятты көтериўши серотонин гормоны ислеп шығарыла баслайды.