tgoop.com/qaraqalpaqaytis/39969
Last Update:
Телеграм тармағындағы
"ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ"
топарының шөлкемлестириўшиси Дильфуза Сержанова ға
Қ🌺У🌺Т🌺Л🌺Ы🌺Қ🌺Л🌺А🌺Ў
Басын қосып гил ҳәўескер таланттың,
Қасындасаң ийгиликли талаптың.
Жан күйер сәнеми айтыс үйиниң,
Былай болмас десем зия тараттың.
Жатырғанды пәлек асты басылып,
Түрткиледиң талантларын асырып.
Айтыстың сәрдары, ғайбар сулыўы,
Аяққа турғыздың болмас, жасырып.
Жети жылдур талай дүркин дүрледи,
Биразлары шайыр болып гүрледи.
Алға қойған махсетиңниң биреўи,
Жазба айтыс жанлы болғай гүрр етип.
Айтыс пенен даңқың бирге тарасын,
Көп ишинде бол сәрдарлар дарасы.
Жаңлағанда Қарақалпақ айтысы,
Пүткил дүнья ҳәўес пенен қарасын.
@Dipuj Туўылған күниңиз қутлы болсын!
Сизге ден саўлық, узақ жас, өмирлик жолдасыңыз бенен бирге перзентлериңиздиң рәҳәтин көрип юахытлы өмир сүриң.
ГҮЛХАН НУРЫМБЕТОВА.
29 / 01 / 2025 - жыл.
BY ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ
Share with your friend now:
tgoop.com/qaraqalpaqaytis/39969